Саламат шаӊарақты қәлиплестириӯ,саламат шаӊарақтан саламат әўладтыӊ туўылыўы, нәсилге байланыслы болған ҳәм туўма кеселликлерге шалынған балалардыӊ туўылыўыныӊ алдын алыў ушын, сондай-ақ кеселликке шалынған ямаса майып балалардыӊ туўылыўыныӊ алдын алыў некелениўши шахсларды медициналық көриктен өткериўдиң тийкарғы мақсети болып есапланады. Шаңарақ кодексиниң 17-статьясы «Некелениўши шахсларды медициналық көриктен өткериў» деп аталады. Бул статьяның мазмунына көре некелениўши шахсларды медициналық көриктен өткериў, шаӊарақты режелестириў мәселелери бойынша мәсләҳәтлер бериў, некелениўши шахслардыӊ разылығы менен медициналық бирлеспелер тәрепинен әмелге асырылыўы, некелениўши шахсты медициналық көриктен өткериў нәтийжеси шыпакер сыры болып, көриктен өткен шахстыӊ разылығы менен билдирилиўи белгиленген.
Шаңарақ кодексиниң 17-статьясыныӊ орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2003-жыл 25-августтағы 365-санлы қарары менен «Некелениӯши шахсларды медициналық көриктен өткериў ҳаққында»ғы нызамды тастыйықлады. Бул нызамныӊ әмел етиўи некелениўши шахслардыӊ пуқаралығыныӊ қандай болыўына қарамастан, Өзбекстан Республикасында ПҲАЖ бөлимлери тәрепинен дизимнен өткизилетуғын барлық некелениӯши шахсларға тийисли.
Нызамға тийкар некелениўши шахслар 5 тәреплеме;
Рухый кеселликлер,
Наркологик кеселликлер,
Тери кеселликлер,
Туберкулез кеселлиги.
АИЖС/АИВ(СПИД) кеселлиги тәрепинен медициналық көриктен өткериледи.
Некелениўши шахслар ПҲАЖ бөлимлери тәрепинен медициналық көриктен өтиў ушын жергиликли ямаса ўақтынша жасаӯ орнындағы медициналық бирлеспелерден көриктен өтиў ушын жоллама бериледи.
Медициналық көриктен өтиӯ ушын берилген жолламалар ПҲАЖ бөлимлеринде неке дузиӯ ҳаққындағы арзаларды кириске алыў китабында дизимге алынады.
Некелениўши шахслардыӊ медициналық көриги олардың жасайтуғын жериндеги психиатр шыпакерлер, наркологлар, туберкулез кеселлиги шыпакерлери, тери кеселлиги шыпакерлери тәрепинен ПҲАЖ бөлимлери тәрепинен берилген жоллама бойынша бийпул өткериледи.
Медициналық көриктен өтиў мүддети некелениўши шахслар медициналық бирлеспеге мурәжат еткен күннен баслап еки ҳәптеден аспаўы керек. Некелениўши шахсларға медициналық көриктиң нәтийжеси ҳаққында мағлыӯмат бериледи. Мағлыўмат медицина бирлеспесиниӊ мөри ҳәм баслығының қолы менен тастыйықланады.
Некени дизимге алыӯда ПҲАЖ бөлимлери некелениўши шахслардыӊ медициналық көриктен өткенлигине ҳәм олардыӊ усы тексериӯ нәтийжелеринен хабардарлығына исеним пайда етиўи керек.
Некелениўши шахслар неке дизимге алынғанға шекем екинши тәреп медициналық көриктиӊ нәтийжелеринен хабардар етилиўи шәрт.
Медициналық көриктен өткеннен кейин Өзбекстан Республикасының
Шаӊарақ кодексиниң 16 -статьясында көрсетилген неке дузиўге жол койыуға болмайтуғын жағдайлар болмаса (некелениӯши шахслардыӊ биреўи басқа шахс пенен нызамлы некеде турса;
нәсил шежиреси бойынша туӯры тутасқан туўысқанлар ортасында,
туўысқан хәм өгей аға-инилер, апа-сиӊлилер ортасында, сондай-ақ
перзентликке алыӯшылар менен перзентликке алынғанлар ортасында;
басқа биреўи рухый кеселлиги ямаса ақылы зайыплығы себепли
суд тәрепинен хуқық уқыплылығына ийе емес деп табылған шахслар
ортасында неке дүзиўге жол қойылмайды) ПҲАЖ бөлимлери тәрепинен
некени дизимге алыў белгиленген тәртипте әмелге асырылады.
Некелениўши шахсларда тексериў нәтийжесинде емлениўди талап
етиўши кеселликлер анықланған жағдайда, олар белгиленген тәртипте
тийисли емлеў бирлеспелерине жибериледи.
Егер некелениўши шахсларда медициналық көриктен өткериӯ нәтийжесинде олардыӊ биреӯинде ямаса екеўиндеде нызамда көрсетилген кеселлик анықланған жағдайда, некени дизимге алыў тәреплердиң усы тексериў нәтийжелеринен хабардарлығы тастыйықланғаннан кейин әмелге асырылады.
ПҲАЖ бөлимлери тәрепинен Шаӊарақ кодексиниң 17-статьясы
бойынша яғный неке дүзиў ушын мурәжат еткен ҳәр бир пуқараға
некеден алдын медициналық көриктен өтиўдиң мазмуны хәм келешекте
оныӊ әҳмийети ҳаққында хуқықый түсиник жумысларын алып барыў жолға койылған.
Медициналық көриктен өткизиӯди жәнеде тәртипке салыў мақсетинде
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен 2007-жылдыӊ 17-апрелинде қабыл етилген «Некелениўши шахсларды медициналық көриктен өткериӯ ҳаққындағы нызамға өзгерис хәм қосымшалар киритиӯ ҳаққында»ғы 78-санлы қарарына тийкар, ПҲАЖ бөлимлери тәрепинен медициналық көриктен өтиӯ ушын жолламалар 50 жастан жоқары шахсларға олардыӊ разылығы менен берилиӯи жолға қойылды.
Кегейли районы ПҲАЖ бөлими инспекторы З.Алиева