“Кегейлиниң тәғдирин сиз бенен биз ойлаўымыз керек!”

14.09.2020 11:01:37 485 Баспаға шығарыў

Бүгин Кегейли районы ҳәкимлиги мәжлислер залында Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги Кегейли районы бөлими баслығын  тайынлаў бойынша жыйналыс болып өтти.  Мәжлисти Кегейли районы ҳәкими Муратбай Абдиров ашып берди. Буннан соң Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлтги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы сенатор Данияров Абатбай Сапарбаевич сөзге шықты. Ол өз сөзинде агентликтиң алдына қойған мақсетлери, агентлик ағзаларының жуўапкершилиги, жасларға жаратылған имканиятлар хаққында айтып өтип, “Кегейлиниң тәғдирин сиз бенен биз ойлаўымыз керек,”-деген сүрен тийкарында районымыз жасларын белсендиликке шақырды.

Мәжлисте Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги Кегейли районы бөлими баслығы лаўазымына Төремуратов Айдос Бердақ улы тайынланды.

 

Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

 

 

14.09.2020 11:01:37 486