Суд әдалатлы болса, нызам үстинлиги тәмийинленеди

07.09.2020 18:36:28 647 Баспаға шығарыў

Суд – бул мәмлекет тәрепинен орнатылған нызамлардың бузылыўына қарсы юридикалық санкциялар қоллаў жәрдеминде жаза тайынлайтуғын мәмлекет органы. Сол себепли суд ҳәкимиятының ғәресизлигин тәмийинлеў, оны пуқаралар ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғай алатуғын ғәрезсиз мәмлекет институтына айландырыў, еркин пуқаралық жәмийет қурыўдың ең тийкарғы шәртлеринен бири саналады.

Тарийхый дереклерде мәмлекеттиң тийкарғы бѳлеги сыпатында судлар кѳп әсирлерден алдын пайда болғанлығын кѳрсетеди. Бырақ оның тарийхы қаншелли узақ болмасын заман талапларына бейимлесип раўажланып барыўы зәрүр.

Суд ҳәкимияты мәмлекет ҳәкимияты бѳлиниўине кѳре, нызым шығарыӱшы ҳәм атқарыӱшы ҳәкимиятлардан бѳлек ис алып барады. Суд арқалы инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаўға тийкарланған конституциялық принципке қатаң әмел етилиӱи суд-ҳуқық реформаларында тийкарғы орынды ийелейди.

Мәмлекетимиз басшысының 2017 жыл 21 февралдағы «Ѳзбекстан Республикасы суд системасын түптен реформаластырыў ҳәм искерлик нәтийжелигин асырыў ис иләжлары ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл қылыныўы суд-ҳуқық тараўында тийкарғы қәдемлерден бири болды.

 

Пәрманда нәзерде тутылған уазыйпалар суд системасын заман талаблары тийкарында раӱажландырыӱға хызмет етеди. Әдил судлаӱға ерисиў дәрежеси, суд ис жүритиўиниң нәтийжелигин ҳәм сапасын асырды.

Бирақ жеделлик пенен раўажланып баратырған жәмийетлик, экономикалық турмыс судлар искерлигин жәнеде раўажландырыў ҳәм әдил судлаў нәтийжелигин асырыўды талап етпекте.

Сол себепли, 2020-жыл 24-июлда Президентимиздиң «Судлар искерлигин жәнеде раўажландырыў ҳәм әдил судлаў нәтийжелигин асырыўға тийисли қосымша ис иләжлар ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилди.

Пәрманға муӱапық 2021-жыл 1-январдан баслап ўәлаят ҳәм оған теңлестирилген пуқаралық ислери бойынша, жынаят ислер бойынша ҳәм экономикалық судлар негизинде судлардың қатаң қәнийгелестирилиӱин сақлаб қалған ҳәм суд ислерин жүритиў түрлери бойынша айрықша судлаў коллегияларын қәлиплестирген ҳалда Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы улыўма юрисдикция судлары шѳлкемлестириледи. Ҳәкимшилик ҳуқуқбузыўшылық ҳаққындағы ислерди кѳриў жынаят ислери бойынша судларға ѳткериў белгиленген.

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимшилик судларынан тысқары басқа район (қала) ҳәкимшилик судлары қысқартылыўы кѳзде тутылған. Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында районлар аралық ҳәкимшилик судларды шѳлкемлестириӱ ҳәмде оларға ҳәкимшилик ҳәм басқа ғалабалық ҳуқықый мүнасебетлерге тийисли ислерди кѳрип шығыў уәкиллиги бериледи.

Пәрманның және бир әҳмийетли тәреплеринен бири судьялар жоқарғы маманлық коллегиясының ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы судлары судьялық маманлық коллегияларының қарарлары үстинен судьялар олий кенгашына шағым етиӱ ҳуқықын бериӱ имканиятын нәзерде тутыўшы нызам жойбарын ислеп шығыў белгиленди.

Буннан тысқары, 2021-жыл 1-январдан баслап суд ислерин бақлаў тәртибинде кѳрип шығыӱ институты тамамланады. Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды баслығы, Бас прокурор ҳәм олардың орынбасарларының судтың қарарлары, ҳүкимлери ҳәм уйғарыўлары үстинен бақлаў тәртибинде протест киритиў ҳуқықы бийкар етиледи.

Жынаят ислерин судда кѳриӱ ушын тайынлаӱ басқышында ис бойынша қарарларды тартысыӱ принципине әмел еткен ҳалда тәреплердиң қатнасында қабыл қылыў тәртиби белгиленеди. Жынаят исиниң улыўма тәртипте кѳрип шығылыўына тәсир қылыўшы жағдайларды анықлаў ҳәм шешиў имканиятын бериўши дәслепки еситиў басқышы енгизиледи.

Дәслепки еситиў басқышы – сорастырыў ҳәм дәслепки тергеў органлары искерлиги үстинен тиккелей суд бақлаўын түсиниў лазым. Бул жынаят исин кѳрип шығыўдан алдын әмелге асырылатуғын процесс болып, ол тартысыў принципине тийкарланады. Сондай-ақ бул басқышта айыпланыӱшы ҳәм қорғаўшы қатнасып, бул басқыштың ѳзинде жынаят иси тамамланыўы мүмкин.

Судларда қалыслық ҳәм тәреплер теңлигин тәмийинлеў мақсетинде тѳмендеги еки ҳалатқа айрықша итибар қаратыӱ лазым. Олардан бири мәмлекет айыплаӱшысы айыплаӱдан ўаз кешкен кешкен тәғдирде реабилитация тийкарларына кѳре жынаят исин тамамлаў болса, екинши ҳалат нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылмаған ҳалатларда судларда басқа шахслардың басламасы менен қозғатылған пуқаралық ҳәм экономикалық ислердиң кѳрилиӱинде прокурор ѳз басламасы менен қатнасыӱын инкар етиӱ мәселеси.

Бүгинги күнде әмелдеги жынаят процессуал нызамшылықта шахсты ақлаў ҳәмде жынаят исин ѳндиристен тамамлаў тийкарларында усы жағдайлар нәзерде тутылмаған еди.

Бул сыяқлы реформалардың түп тийкарында Ѳзбекстан Республикасында суд ҳәкимиятын раўажландырыўдың ҳуқықый тийкарларын жаратыў ҳәмде инсаныйлық принципине тийкарланған әдил судлаўды тәмийинлеў арқалы демократиялық жәмийетти қурыў мәселеси турады.

 

Жынаят ислери бойынша

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы:                               М. Байниязов

 

Жынаят ислери бойынша

Кегейли районы суды баслығы:                                                            А.Аметов

 

07.09.2020 18:36:28 648