Гүз- қыс мәўсиминиң кирип келиўинеде санаўлы күнлер қалды. Гүз-қыс мәўсимине таярлық көриў бойынша республикамызда кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Соның менен бир қатарда районымыз аймағында жайласқан социаллық тараў обектлери, көп қабатлы турақ жайлардың мәўсимге таярлығы кеңнен үйренилип шығылып профилактикалық илажлар өткерилмекте. Ҳәр бир инсан өмири даўамында жақсы шарятта жасаў ушын жай салады, мийнет етип, мал дуния жыйнап, мүлкке ийе болады. Бирақ азғана итибарсызлық ақыбетинде, әне сол жыйнаған мал мўлкине зыян жетиўи мүмкин. Өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етиў, кеўилсиз жағдайлардың алдын алыў мақсетинде гүз-қыс мәўсимине таярлығы бойынша районлық Айрықша жағдайлар бөлими хызметкерлери тәрепинен кеңнен үйрениў жумыслары алып барылмақта. Үйрениў даўамында көп қабатлы турақ жайлардың жер төле ҳәмде шертек төбе бастырмалары көзден өткерилди.Көзден өткериў даўамында бирқатар кемшиликлер анықланды. Атап айтқанда айрым көп кабатлы үйлердиң жер төлелеринде, ҳәр қыйлы тез жаныўшы материаллардың сақланып атырғанлықлары, айрым хожалықлар тәрепинен газ тармағына резина шлангалар менен жалғанғанлығы яки электр ток сымларынан ашық ҳалда пайдаланып киятырған жағдайлары ушыраспақта. Бул илажларды өткериўден тийкарғы мақсет социаллық тараў обектлериниң үзиликсиз ислеўин тәмийнлеў , ҳәр түрли айрықша жағдайлардың ҳәм де өрт қәўпиниң алдын алыўдан ибарат болып табылады. Соның менен бир қатарда район аймағында жаңадан салынып атырған көп қабатлы турақ жай, жеке меншик турақ жайлар ҳәм социаллық тараў обектлеринде өрт қәўипсизлиги қағыйдалары ҳәм нормаларына итибар бериўимиз тийис. Ҳәзирги күнде республикамызда ҳәрекетте болған барлық түрдеги норматив ҳүжжетлерге «Өрт қәўипсизлиги қағыйдалары ҳәм нормаларына» (ПУЭ.КМК.ШНК) на тийкарланып имаратларымызды салсақ көп жыллар даўамында өзимизге хызмет етер еди. Усы орында район аймағында жасаўшы пўкараларымыздға және бир мәрте жоқарыда қөрсетип өтилген қурылыс тараўындағы белгиленген қағыйдаларға әмел қылыўын, гүз-қыс мәўсимине ҳәр тәреплеме пуқта таярлық көриўин ескертемиз. Себеби сизиң тынышлығыңыз жәмийет ушын оғада әҳмийетли.
Кегейли районы Айрықша жағдайлар бөлими
Норматив техника бөлимшеси баслығы :лейтенант А.П.Юсупов