Суйылтырылған газ жеткерип берилмекте

24.08.2020 08:54:35 613 Баспаға шығарыў

 

Кегейли районында жәми  2816 хожалык суйылтырылған газ бенен тǝмийинленген. Район аймағында 3 орында газ боллон тарқатыў сервис орайлары шөлкемлестирилген.

Жалпақ жап аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы  сервис орайы Жалпақ жап аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 946 хожалыққа, Актуба аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы сервис орайы  Ақтуба, Жаӊабазар, Абат аўыл пухаралар жыйыны аймағындағы 1031 хожалыққа, Халкабад қаласындағы газ боллон тарқатыў қоймаханасы Жузим бағ, Кумшунгул аўыл пуқаралар жыйыны аймақларындағы 839 хожалыққа хызмет көрсетеди.

2020-жыл 1-август жағдайына 231,6 тонна суйылтырылған газ жеткерип бериў режелестирилген болып ǝмелде 257,8 тонна  суйылтырылған газ жеткерип берилди. Реже 111% орынланды.

Алыс аўылларда жасаўшы пуқараларға Актуба, Жаӊабазар, Абат, Жузим баг, Жалпақ жап, Қумшунгул аўыл пуқаралар жыйыны аймақларына суйылтырылган газ боллонлар тастыйықланған реже тийкарында арнаўлы автотранспортларда жеткерип берилмекте.

Республикамызда жузеге келген эпидемиологик жағдайда орнатылған карантин режимине ǝмел қылған ҳалда хожалықлардыӊ санитария-эпидемиологик жағдайларын тǝмийинлеў ҳǝм коронавирус кеселлигиниӊ тарқалыўынын алдын алыў мақсетинде автотранспортлар ҳǝм газ боллонлар дзенфекция исленбекте.Суйылтырылған газ боллон тǝмийнаты хызметкерлери антисептик,қорғаныў қолқаплары ҳǝм маскалар менен тǝмийинленген.

Газ боллонлардан пайдаланыўда  кǝўипсизлик кағыйдаларына ǝмел қылған ҳалда пайдаланыў бойынша үгит нǝсият жумыслары алып барылмақта.

“Кегейли туман газ” тǝмийнаты бөлими

24.08.2020 08:54:35 614