инсан ҳуқықларын қорғаў дәрежеси жаңа басқышқа көтерилмекте

10.08.2020 14:05:26 881 Баспаға шығарыў

Усы жыл 24-июль куни Судлардың жумысын буннан былай да жетилистириў ҳәм әдил судлаў натийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы қабыл етилди.

Пәрманға көре, 2021-жыл 1-январьдан баслап ўәлаят ҳәм оған теңлестирилген пуқаралық, жынаят ҳәм экономикалық судлар негизинде судьялардың қатаң қәнигелесиўин сақлап қалған ҳәм суд ислерин жүргизиў түрлери бойынша өз алдына судлаў коллегияларын шөлкемлестирген ҳалда Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы улыўма юрисдикция судлары шөлкемлестириледи.

Ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислерди көрип шығыў ўәкиллиги ҳәкимшилик судлардан жынаят ислери бойынша судларына өткериледи.

Ҳәкимшилик ҳәм басқа да ғалабалық ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын ислерди көриўге қәнигелестирилген Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар орайлары ҳәм Ташкент қаласында районлараралық ҳәкимшилик судларды шөлкемлестириледи, усы мүнәсибет пенен районлық (қалалық) ҳәкимшилик судлары сапластырылады. Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық ҳәкимшилик судлары сақлап қалынады.

2021-жыл 1-январьдан баслап, суд ислерин бақлаў тәртибинде көриў институтын сапластырылады.

Жынаят ислерин судта көриў ушын тайынлаў басқышында ис бойынша тартысыў принципине әмел еткен ҳалда дәслепки тыңлаў басқышы киргизилекте.

Районлараралық, районлық (қалалық) судлардың қарарларын ўәлаятлық ҳәм оған теңлестирилген судлардың биринши инстанция суды сыпатында шығарған қарарлары болса Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының судлаў коллегиялары тәрепинен апелляция тәртибинде қайта көрип шығылады, ал апелляция тәртибинде көрип шығылған суд қарарлары Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының судлаў коллегиялары тәрепинен кассация тәртибинде  көрип шығады.

Мәмлекетлик айыплаўшысы айыплаўдан ўаз кешкен жағдайда реабилитация тийкарларына көре жынаят иси қысқартылады.

Судтың нызамлы күшке кирген ҳүкими, қарары, ямаса уйғарыўы бойынша тәреплердиң мүрәжаты бар болған жағдайда ғана, судтан ислер, Прокурор тәрепинен шақырып алып үйрениледи.

Жуўмақластырып айтқанда, Ҳүрметли Президентимиздин тиккелей басламасы менен суд-ҳуқық тарауында әмелге асырылып атырған бул көлемли реформалар нәтийжесинде, инсан ҳуқықларын қорғаў дәрежеси жаңа басқышқа көтерилмекте, суд қарарларын қайта көриўдиң бир-бирин тәкирарлайтуғын басқышлары жоқ етилмекте, суд уйымларының  структурасы заман талапларына ҳәм халық аралық стандартларға муўапықластырылмақта, бир сөз бенен айтканда әдил судлаӯға ерисиӯ ушын жаӊа имканиятлар жаратылмақта.

 

Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша судының судьясы  М.Байниязов

 

Жынаят ислери бойынша Нѳкис районы суды баслығы  А.Сейтанов           

 

10.08.2020 14:05:26 882