Үлкемизге жаз келип, шомылыў мәўсими басланғанынан баслап «Қарақалпақстан» телевидениеси, радиосы, орайлық ҳәм жергиликли газета-журналларда шомылыў қағыйдалары ҳаққында видео-аудио роликлер, мақалалар бериледи. Оларға соншелли үйренисип кеткенимизден итибарда бермеймиз. Итибарсызлықтың, арқайыншылықтың ақыбетинде келешекте және қанша адам суўға кетип қаза қылыўы мүмкин? Буның алдын алыўға болама?
Шөгип атырып не ислеўди, шөгип атырған адамға қалай жәрдем бериў кереклигин билмеген адамның өмири, әлбетте, жоқары қәўип астында. Республикамыздың қайсы орынлары шомылыу ушын белгиленген ямаса белгиленбеген. Айрықша жағдайға түсип қалған ўақытта қандай қандай ҳәрекет етиў кереклигин билиў ҳәммениң ўазыйпасы. Бирақ адам бундай жағдайға түсиўин алдыннан биле алмайды. Түсип қалған жағдайда қандай ҳәрекет етиўди билиўи ушын районлық Айрықша жағдайлар бөлими хызметкерлери тәрепине алып барылып атырған үгит-насият жумысларына итибар бериў талаб етиледи.
Дыққат етиң! Кегейли районы аймағында рәсмий шөлкемлестирилген пляж зоналары жоқ, Бирақ районымыз аймағынан өтиуши ири каналлар қатарына кириўши Кегейли каналы, Қуаныш жарма каналларымыз хәмде 3 дана тәбыйғый көлимиз бар болып, булардың биреўи де қорықланбайды. Районлық Айрықша жағдайлар бөлими хәмде жергиликли тарау хызметкерлери менен шөлкемлестирилип атырған илажлар жетерли емес. Соның ушын, ҳүрметли ата-аналар өз перзентлериңизге шомылыў ушын белгиленбеген суў ҳәўизлеринде шомылыў инсан өмири ушын қаншелли қәўипли екенин түсиндириўимиз керек. Айрым пуқараларға шомылыў өмир ушын қәўипли екенлигин түсиндирген ўақытымызда олар тууры қабылламай, мен ҳәмме ўақыт усы жерде шомылып келгенмен, мениң менен бундай ўақыя болмайды, деп ойлайды. Спиртли ишимликлер ишип шомылыў суўда инсан өмири ушын жүдә қаўипли болып есапланады.
– Қуяшлы, самалсыз ҳаўада шомылыў ( әмел етилмеген жағдайда ақыбети шомылыўшы адамның денеси суўыққа тарайып қан тамырлары тартысыу нәтийжесинде хәрекетсиз қалыу ақыбетинде шөгиў ямаса ҳәртүрли кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин) Бунда ҳаўа райының температурасы +20° С дан +25° C қа дейин шамасында, суўдың температурасы +20° С дан +25° қа дейин шамасында болыўы керек.
Егерде сиз шомылып атырған ўақтыңыз қан тамырыңыз тартысып қалған жағдайда төмендеги мәслаҳатлерге әмел етиўиңиз лазым:
– Қолда: денени бос тутып тамыры тартысып қалған қолды мушлап алдынға қарата тезлик пенен лақтырғандай ҳәрекетлентирип мушыңызды ашып жибериң;
– Балдыр мүскүллери тартысқан жағдайда: ийилип тартысқан аяқ астынан услап өзиңиз тәрепке қарата тартың;
– Сан мүскүллери тартысқан жағдайда: тобығыңыз жанында аяғыңыз астынан услап, аяғыңызды дизеден бүгип, арқа тәрепке тартың.
Төменде көрсетилген жағдайларда шомылыў қәўип-қатерге алып келиўи мүмкин:
– Шаршаған болсаңыз;
– Денеңиз артықша қызып кеткен болса;
– Қарыныңыз аш болса;
– Шөллеген болсаңыз;
– Жақын арада қандайдыр кеселликтен емленген болсаңыз.
Жоқарыдағы көрсетип өтилген қағыйдаларға әмел қылыуыңызды соранамыз.