Пуқаралардың Руўхый кеселликлер бойынша диспансер ҳәмде Наркология диспансери есабында турыўы яки турмаслығы ҳаққында мағлыўматнаманы алыў тәртиби

18.06.2020 12:27:21 758 Баспаға шығарыў

Соңғы ўақытлары Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Ҳүкиметимиз тәрепинен халқымыздың аўырын жеңил қылыў мақсетинде бирқанша Пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилмекте. Усындай қарарлардың бири Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Халыққа мәмлекетлик хызметлерин көрсетиўдиң миллий системасын түптен реформалаў ис-илажлары ҳаққында»ғы 2017-жыл 12-декабрдеги ПФ-5278-санлы Пәрманына муўапық Руўхый кеселликлер бойынша диспансер ҳәм Наркалогия диспансери тәрепинен пуқаралардың диспансер есабында турыўы яки турмаслығы ҳаққында мағлыўматнамаларды бериў тәртибин әпиўайыластырыў мақсетинде Министрлер Кабинетиниң «Мәмлекетлик медцина бирлеспелери тәрепинен пуқараларға мағлыўматнамалар бериў тәртибин жәнеде әпиўайыластырыў ис-иләжлары ҳаққында»ғы 2020-жыл  10-январдағы 18-санлы қарары қабыл етилди.

Карарға тийкар арза бериўши мәмлекетлик хызметтен пайдаланыў ушын Мәмлекетлик хызметлер орайына өзи келип мүрәжат етеди яки мәмлекетлик хызметтен электрон тәризде пайдаланыў ушын Бирден бир мәмлекетлик хызметлер порталында дизимнен өтеди.

Арза бериўши өзи келип мүрәжат еткен жағдайда, Мәмлекетлик хызметлер орайы қәнигеси арза бериўши атынан сораўнама толтырады. Үшинши шахслар мәпи ушын ҳәрекет етип атырғанда сораўнамаға нотариал тастыйықланған исенимнама қосымша етиледи.

Зәрүр мағлыўматлар сораўнамаға киргизилгеннен соң арза бериўши оны өз электрон рақамлы имзасы менен тастыйықлайды ҳәм орай қанигеси тәрепинен ўәкилликли органға жибериледи.

Сораўнаманы электрон рақамлы имза менен тастыйықлаў имканияты болмаған жағдайларда, тийисли  имзалар идентификация қылыўдың басқа қураллары (дактилоскопия, электрон имза ҳәм басқалар) менен тастыйықланыўы мүмкин.

Мәмлекетлик хызмети, орайлар арқалы көрсетилгенлиги ушын базалық есаплаў муғдарының 2 пайызы муғдарында жыйым өндириледи (нәгиранлығы болған яки толық мәмлекет тәмийнатындағы пуқаралар буған кирмейди).

Ўәкилликли орган сораўнама түскен ўақыттан баслап реал уақыт режиминде QR-код (матрик штрихлы код) қойылған мағлыўматнаманы рәсмийлестиреди ҳәмде мәмлекетлик хызметлер орайына жибереди.

Мәмлекетлик хызметлер орайы арза бериўши өзи келип мүрәжат еткен жағдайда, арза бериўшиниң сораўына көре, оған мағлыўматнаманы электрон көринисте яки қағаз көринисинде мөрин басып, жуўапкер қәнигениң имзасын қойып береди.

Бундай қарарлардың қабыл етилиўи ҳалқымыздың узағын жақын қылыў, олардың қымбатлы ўақытларын тежеў ҳәм артықша сарып-қәрежетлериниң алдын алыўдан ибарат.

 

Ж.Тулегенова
Кегейли районы Мәмлекетлик
хызметлер орайы жетекши қәнигеси

18.06.2020 12:27:21 759