Пандемия дәўиринде Өзбекстанда жумыссызлар саны 2 миллионға жақынласты-Министр

09.06.2020 13:27:33 1414 Баспаға шығарыў

Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри Назым Хусанов Халықаралық пресс-клубтың Ферғана ўәлаятына бағышланған санында Өзбекстандағы жумыссызлық дәрежеси хаққында мағлыўмат берди.

Өзбекстанда пандемиядан алдын жумыссызлар саны орташа есапта 1 миллион 350 мыңға жақын еди, пандемия дәўиринде жумыссызлар саны дерлик 2 миллионға жақыналасты. Буннан тысқары, Өзбекстанда 550 мыңға жақын  мийнет мигрантлары басқа мәмлекетлерге ислеў ушын шығып кете алмаған. Олар неше жыллар даўамында басқа мәмлекетлерде ислеп келген ҳәм қолларында кәсиби бар. Алдымызда турған ўазыйпа болса усындай пуқараларымызды жумыс пенен тәмийнлеўден ибарат.

Социаллық тараў обектлерин қурыў ушын кризиске қарсы гүресиў фондынан 3,6 триллион сўм пул ажыратылған. Ҳәр бир ўәлаятта 50-60  социаллық тараў обьектлери қурылысы басланды,-дейди Назым Хусанов.

Министрдиң айтып өтиўинше аймақлардағы Бәнтлик орайлары арқалы шетке шығып кете алмаған мийнет мигрантлары жасап турған аймақларында қурылып атырған объектлерге өз кәсиплери бойынша жумысқа жайластырылмақта.  Сондай-ақ, Ташкент қаласы ўәлаятлар менен байланысқан. Мәселен, Сергели районында қурылып атырған имаратларға 1,5 мыңға  жақын мийнет мигрантлары  нызамлы  тәризде  жумысқа алынған. Олар ҳәзир 1,5 миллион сўмнан  4,5 миллион сўмға шекем айлық алып атыр.

Дерек: kun.uz

Аўдарма:  @kegeylirkuzofficial

09.06.2020 13:27:33 1415