Бәршемизге белгили, ҳәзирги ўақытта глобал машқалаға айланған коронавирус пандемиясы пүткил дүньяны тәшўишке салмақта. Шыпакерлеримиздиң тынымсыз мийнети ақыбетинде саўалып атырғанлар көпшиликти қураса да, бүгинги күнде дүньяның дерлик барлық еллеринде пандемияға қарсы илажлар күшейтилмекте.
Өзбекстан Республикасына коронавирустың кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша ис-иләжлар дәстүрин таярлаў бойынша республика арнаўлы комиссиясының қарарына муўапық Мәмлекетимиз бойлап көпшилик орынларда карантин жарияланған болса да, Мәмлекетлик хызметлер орайлары өз искерлигин тоқтатпастан, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Коронавирус инфекциясы тарқалаўына қарсы қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы 176-санлы қарары талапларына сөзсиз әмел еткен ҳалда орай имәратының кирер есик алдында районлық Санитария-эпидемиологик тынышлық орайы тәрепинен тийисли шыпакер ҳәм антисептик, термометр менен тәмийинленген болып, ҳәр еки күннен орай имәратында дизенфекция жумыслары алып барылмақта.
Буннан тысқары мәмлекетлик хызметлер көрсетиў ушын орай хызметкерлери санитария-гигиена қағыйдаларына әмел қылған ҳалда медициналық нықаплар ҳәм арнаўлы қолкаплар менен тәмийнленип, аралықты сақлаган ҳалда пуқараларға ҳәмде исбилерменлик субъектлерине зәрүр ҳәм кешиктирип болмайтуғын хызметлерди көрсетиўди даўам еттирмекте.
Буның айқын дәлийли сыпатында карантин дәўиринде Кегейли районы мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен де санитария-гигиена қағыйдаларына әмел қылған ҳалда физикалық ҳәм юридикалық шахсларға сыпатлы мәмлекетлик хызметлер көрсетилип, усы жылдың 16-март сәнесинен баслап, июнь айына шекем жәми 4565 мәмлекетлик хызметлер көрсетилип, соннан 75 исбилерменлик субъектлери сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткерилди, сондай-ақ 25 исбилерменлик субектлери қайта дизимнен өткерилди.
Буннан былайда Кегейли районы Мәмлекетлик хызметлер орайы халыққа тез ҳәм сыпатлы мәмлекетлик хызмет көрсетиўди даўам еттирип, жоқары қөрсеткишлерди әмелге асырыўды даўам етеди.
Кегейли районы Мәмлекетлик хызметлер орайы