Арнаўлы тактик оқыў шынығыўлары өткерилди

03.06.2020 14:29:33 762 Баспаға шығарыў

Кегейли районында 2020 жыл ушын ғәлле дән өнимлерин жыйнап алыныўына байланыслы ҳүкимет тапсырмаларын орынлаў  мақсетинде районлық Айрықша жағдайлар бөлими ҳәм жергиликли тараў хызметкерлери менен биргеликте арнаўлы тактик оқыў шынығыўлары өткерилди. Тактик шынығыўларды өткериўден тийкарғы мақсет өрт кәўипсизлиги жағдайларына әмел қылған халда,халқымыз ушын әхмийетли болған  ҳәр бир ғәлле дән өнимлерин зыянсыз орып, жыйнап алыў болып табылады. Сонлықтанда районымыз көлеминде бундай иләжлардың өткерилиўи Республикамызда режели алып барылып атырған жумыслардың сапасына өзиниң унамлы тәсирин тийгизеди.

 

Кегейли районы хәкимлиги мәлимлеме хызмети

03.06.2020 14:29:33 763