Бир мүрәжат шешими

03.06.2020 13:18:16 805 Баспаға шығарыў

Кегейли районы Бахытлы МПЖ Кумөзек көшеси турғынларынан 2020-жыл 25-май күнги Кегейли районы ҳәкимлигине қабыл етилген, өзлери  жасап турған көшесинен Тентек-жап каналына тутасып турған салманың байланып қалғанлығы, усы көшени “Естеликтен” баслап Тентек-жапқа шығарып бериўди сораған мүрәжатын үйренип шығыў бойынша исши топар  дүзилди. Исши топардың үйрениўлери  нәтийжесинде төмендегилер анықланды. Комиссия қурамы менен биргеликте пуқара А. Қутханов өмирлик жолдасы  Б.Муратова тәрепинен Тентек-жаптан  Қум-өзек көшеси турғынлары ушын уй алды қыйтақ жерлерин суўғарып атырған салманың жағасын  қоршап, өзине тийисли болмаған жер майданын ийелеп атырғаны анықланды хәм усы жер майданы өлшенип, олар ушын тийсили жерге ғана белги қазықлары қағып  берилди. Сондай-ақ, өзине тийисли болмаған жерди ийелеп алғаны ушын бул пуқараларға Кегейли районы хәкимлиги  тәрепинен ескертиў берилди.

 

Кегейли районы хәкимлиги  мәлимлеме хызмети

03.06.2020 13:18:16 806