12 488 000 сум жәрийма салынды

21.05.2020 10:51:29 724 Баспаға шығарыў

Қарақалпақстан Республикасы Кегейли районында жуқпалы пандемияның тарқалыўының алдын алыў мақсетинде енгизилген карантин қағыйдаларын бузыўға жол қойған 14 пуқараға ҳәкимшилик жаза тайынланды. Мәмлекетимиз көлеминде дерлик ҳәр күни алып барылып атырған  көлемили үгит-нәсият жумысларына қарамастан хуқуқбузарлықларға жол қойып атырған пуқараларымыз жийе ушырасып атыр.-дейди Кегейли районы Ҳәкимшилик судының баслығы Расул Назаров.

Мысал етип келтириўимиз орынлы: Жәмийетлик орынларда мәс ҳалында жергиликли ҳалықтың тынышлығын бузған 9 пуқараға       ҳәкимшилик қамақ жазасы, соның менен бирге бир қатар хуқуқбузарлықларға жол қойған 4 пуқараға жәми

  1. 488 000 (он еки миллион төрт жүз сексен сегиз мың) сум жәрийма салынды.

Соның ишинде пуқара И.Н усы жылдың 9-май күни карантин қағыйдаларына әмел етпей, жәмийетлик орынларда мәс ҳалында медициналық ниқабсыз, шаўқым шығарып, жерге жығылып жатырғанда Кегейли районы ИИБ хызметкерлери тәрепинен тәртипе шақырылды. Пуқара тәртипке шақырыўдың нызамлы талапларын орынламады. Нәтийжеде Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик хаққындағы Кодексиниң 54-статясы 1-бәнти, 183-статясы ҳәм 194-статясының 1-бәнтине тийкар хуқуқбузарлыққа жол қойған.

Бул пуқараға рәсмийлестирилген хүжжетлер Район Ҳәкимшилик суды тәрепинен көрип шығылып, Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик хаққындағы  Кодексиниң 34-статясына тийкар үзил кесил жаза, аўыррақ ҳәкимшилик қамақ жазаны нәзерде тутыўшы санкция шеңберинде 15 сутка ҳәкимшилик қамақ жазасы тайынланды.

21.05.2020 10:51:29 725