СУБСИДИЯ АЛЫЎ БОЙЫНША 6 ӘҲМИЙЕТЛИ СОРАЎҒА ЖУЎАП

19.05.2020 10:32:11 681 Баспаға шығарыў

Усы жылдың 1 март күнинен баслап дәраматы жоқары болмаған ҳәм үй-жай шараятларын жақсылаўға мүтәж болған пуқараларға субсидиялар бериўди жолға қойылды.

Төменде биз субсидия бул не екенлиги, кимлерге берилиўи ҳәм арзан
үй-жайлар ҳаққында түсиник берип өтемиз⬇

Субсидия өзи не?

Субсидиялар – дәраматы жоқары болмаған шахсларға ипотека кредитлери тийкарында үй-жай сатып алыўы ушын басланғыш төлем ямаса кредит пайызы төлемлериниң бир бөлегин қаплап бериў мақсетинде мәмлекет бюджетинен қайтарып берилмейтуғын қәрежет болып табылады.

Басланғыш төлем – бул бирлемши базардағы (яғный, жаңа қурылған) үй-жайларды сатып алыў ушын ажыратылатуғын пуллар. Қала ҳәм аўыллық жерлерде олардың баҳасы ҳәр қыйлы болады.

Субсидия, сондай-ақ, ипотека кредити бойынша пайызларды қаплаў ушын да берилиўи мүмкин.

Бунда аўыллық жерлерде – биринши бес жыл даўамында ипотека кредити бойынша пайыз төлемлери менен байланыслы қәрежетлерди қаплаў ушын – 10 пайызлық пункттен асқан бөлимине,

Қалаларда (сондай-ақ, Ташкент қаласында да ҳәм) болса – дәслепки төлемниң бир бөлегин төлеў менен байланыслы қәрежетлерди қаплаў ушын үй-жай есапланған муғдарының 10 пайызы муғдарында;

Ташкент қаласында биринши бес жыл даўамында кредит бойынша пайызларды қаплаў ушын – 12 пайызлық пункттен асқан бөлегине;

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар қалаларында 10 пайызлық пункттен асқан бөлегине төленеди.

Ҳәр бир аймақта қурылатуғын үй-жайлар санынан келип шығып, жыл даўамында ажыратылатуғын субсидиялар муғдары ҳаққында  Қаржы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қурылыс министрлиги ҳәмде тийисли ҳәкимликлер тәрепинен ғалаба хабар қуралларында мағлыўмат бериледи.

Субсидия алыў ушын арзаны Мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса my.gov.uz порталы арқалы электрон түрде бериў мүмкин.

Субсидия алыў ушын арзалар 2020 жыл 1 октябрьге шекем қабыл етиледи.

Субсидиялар кимге бериледи?

Еслетип өтемиз, бул қәрежетлер тек ғана үй-жай шараятын жақсылаўға мүтәж болған шаңарақлар, аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызлар, мәмлекет социаллық турмысында актив қатнасып атырған жаслар ҳәм усы топардағы басқа Өзбекстан пуқараларына ажыратылады.

Субсидия алыў ушын пуқара 18 жасқа толған болыўы керек. Егер пуқара мийнет мигранты болғанда, оның атынан шаңарақ ағзалары да арза бериўи мүмкин.

Субсидия ҳәм арзан үйлер – бир қыйлы түсиникпе?

Итибар бериң! Субсидиялар үйлерди БАЗАР БАҲАСЫНДА сатып алыўға бериледи. Ямаса, субсидия менен арзан үй-жайлар еки түрдеги бир-бирине улыўма байланысы жоқ болған түсиниклер.

Сондай-ақ, субсидияларға тийисли Пәрман менен арзан үй-жайлар дәстүри жабылғаны жоқ! Ҳәкимликлер пуқараларды қабыл етпеў бойынша нызамшылыққа өзгерис киритилмеген.

Арзан үй-жай ушын НӘЎБЕТлериңиз МХОлар арқалы өзгертилмейди. Усы мәселеде жергиликли ҳәкимиятларға мүрәжат етиў лазым.

Субсидия алыўда баллар… бул не?

Субсидия – бул бойынша арза тапсырған ҳәр бир талапкерге пул қәрежети бериледи дегени емес. Буның ушын бир қатар талап ҳәм ҳалатларға жуўап бериў лазым.

Субсидия берилиўи ушын алды менен жуўапкер органлар ўәкиллеринен ибәрат арнаўлы комиссия арза бериўшилерге критериялар бойынша балл береди.

Жуўаплы органлар – ишки ислер бөлими, қаржы бөлими, мәмлекетлик салық инспекциясы, бәндликке көмеклесиў орайы, кадастр кәрханасы, мәҳалле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими, Жаслар аўқамы район кеңеси, район (қала) ҳәкимликлери, қатнасыўшы коммерциялық банклер болып табылады. Булардың ҳәммеси арза бериўши тәрепинен усыныс етилген ҳүжжетлердиң исенимли екенлигин тексериў ушын керек.

Социаллық критериялар үй-жай шараятын жақсылаўға мүтәж пуқараларды анықлаўға хызмет етеди. Балл топлаў ушын критерияларға талапкер ҳәм (ямаса) оның шаңарағының дәраматы (қала ҳәм аўыллық жерлер ушын өз алдына көрсеткишлер белгиленген), турақ жай дәрежеси (ижәра ямаса жеке мүлк), социаллық қорғаўға мүтәж болғанлар (мийнет мигрантлары, жетим ҳәм ата-анасының қарамағынан айырылған балалар, жалғыз ҳаяллар ҳәм басқа), сондай-ақ, шаңарақта нәгиранлығы болған шахслар инәбатқа алынған.

Субсидиялар тәртип бойынша балл топлағанларға бериледи.

Субсидия алыў ушын қандай мағлыўматларды усыныс етиледи?

– паспорт;

– шаңарақ ағзаларының паспорты ҳәм неке дизимге алынғанлығы ҳаққында гүўалығы (толық шаңарақ ҳәм ер жеткен перзенти(лери) болғанда) ҳәм перзентлериниң туўылғанлық хаққындағы гуўалықлары (егер ер жетпеген болса) нусқасы;

– неке бийкар етилгенлиги ҳаққындағы гуўалық ямаса неке ҳакыйқый емес деп табылғанлығы ҳаққындағы суд қарары (неке дизимге алынған жағдайларда) ҳәм шаңарақлық жағдайы ҳаққында ПҲАЖ уйымлары архивинен мағлыўматнама нусқасы (неке дизимге алынбаған ҳалатларда);

– турақлы прописка болған орнынан кадастр номери ҳәм түрине тийисли мағлыўматлар;

– турақлы прописка болған орнынан үй дәптериниң ямаса квартира карточкасының (17-форма бойынша) нусқасы;

– арза бериўши ҳәм биргеликте қарыз алыўшылардың дәраматы ҳәмде услап қалынған дәрамат салықлары ҳаққында мағлыўматнама (қосымша дәраматлар болса салық декларациясы).

Арза нәтийжелери бойынша талапкерге унамлы жуўап алынған жағдайда пуқара өзиниң таңлаўына көре субсидияны үй-жай сатып алыў ушын басланғыш төлем ямаса кредит пайыз төлемлериниң бир бөлимин қаплаўға қаратылған қәрежет түринде алыўы мүмкин болады.

Шәртнаманыӊ мәжбүриятлары қандай?

Егер талапкер ипотека шәртнамасы бойынша шәртнама мәжбүриятларын (төлеўлерди) орынламаў ақыбетинде ипотека шәртнамасы бийкар етилсе, шәртнама бойынша өндирилетуғын қәрежетлер, сондай-ақ, ажыратылған субсидиялар гиреўдеги үй-жай сатылыўдан толық түрде қайтарылады.

Итибар бериң! Субсидия алыў процесcинде Мәмлекетлик хызметлер орайлары Сизден, тек ғана арза алып қалып таяр болған нәтийжени усыныс етиўге ғана жуўапкер.

Қалған мәселелер, яғный кимге, қайсы ҳәмде қанша муғдарда субсидиялар ажыратыўды шөлкемлестирилген КОМИССИЯ тәрепинен шешиледи. Бул процесске Мәмлекетлик хызметлер орайлары араласпайды.

Субсидиялар бир шаңараққа (шаңарақ ағзаларының биреўине) ТЕК ҒАНА бир мәрте бериледи.

 

С.Отегенов, Кегейли районы Мәмлекетлик хызметлер орайы бөлим баслығы

19.05.2020 10:32:11 682