“Тилге итибар-елге итибар” деген даналық гәпте терең мәни бар. Мәмлекеттиң басқада нышанлары (байрақ, герб,гимн) қатары мәмлекетлик тилиде оның тийкарғы белгилеринен есапланады. Бүгиниги глобалласыў дәўиринде дүнья бойлап нешше-нешше тиллер улыўма жоқ болып кетиў қәўипи астында турыпты.
Ана тилимизге мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлигине де быйылғы жылы саррас 31 жыл толады. Усы отыз бир жыл ишинде Ана тилимиз ҳәр тәреплеме терең изертленди, деген менен бул барысында исленетуғын ислер баршылық екенлигин бүгинги күнниң ѳзи кѳрсетпекте. Латын имласына тийкарланған жазыўымызда бир неше мәрте ѳзгериске ушырап, бүгинги күнге келип бир жѳнге түскендей болғаны бәршемизге мәлим.
Әсирлер даўамында ата-бабамыздан мийрас болып келген миллийлигимиз нышаны болған Ана тилимиздиң басқа тиллерден кирип келген сѳзлер менен “байып” барыўы, әлбетте, мақтанатуғын ҳәдийсе емес. Шет тиллерден кирип келген сѳзлерди күнделикли турмысымызда пайдаланыўдың кең ен жайыўы жағдайлары бул Ана тилимизге деген үлкен ҳүрметсизлик емеспе?! Әсиресе, халыққа хызмет кѳрсетиў орынларының, ресторан-кафелердиң, дүкән ҳәм басқа да саўда-сатық орынларының мәмлекетлик тиллеримизге жат атамалар менен аталыўы, ондағы хызмет түрлериниң де шет ел тиллеринде ямаса шубалаңқы жазылыў ең кѳп ушырасып атырған машқалалардан есапланады. Мәселен, әпиўайы ғана сѳзлер “Мы открылись”тиң орнына “Биз ашылдық”, “Салон красоты”дың орнына “Гѳззаллық салоны”нын, “Аптека”ның орнына “Дәрихана”ны қолланса болатуғын ис емеспе?! Бундай мысалларды кѳплеп келтире бериўимиз мүмкин.
Ҳәр қандай исбилермен (дүкән, хызмет кѳрсетиў орынлары ҳәм т.б.) ѳз жумысын баслар екен, ѳзиниң ис жүргизиўши имаратының сыртқы, ишки реклама жазыўларын мәмлекетлик тиллеримизге сай етип жазса мақсетке муўапық ис қылған болар еди. Усындай кишигирим ҳәрекети менен тилимиздиң таза болыўына ҳәм кейинги талап-қағыйдаларға әмел еткен болар еди. Ана тилимиздиң таза болыўы ушын китап жазыў, тил илимине жаңалық киргизиў шәрт емес, бул ислерди илимпазларға қойып берип, ал, ѳзлеримиз болса күнделикли турмысымызда мәмлекетлик тилимизден таза түрде пайдалансақ болғаны деп ойлайман. Және де, перзентлеримизге де Ана тилимизде туўры сѳйлеўди үйретип барып, бай кѳркем әдебий мийрасымыздан утымлы пайдаланып, ѳзлериниң тил хорын байытып барса ақылға уғрас ис тутқан болатуғынлығымыз анық. Неге дегенде, Ана тилимиз бизге аманат, оны сап, таза ҳалында келешек әўладқа жеткерип бериў ҳәр биримиздиң әдиўли ўазыйпамыз екенлигин умытпаўымыз шәрт.
Руслан ИСАКОВ,
Кегейли районы ҳәкиминиң мәсләҳәтшиси.