Онлайн тәризде мәмлекетлик хызметтен пайдаланың!

18.04.2020 10:10:11 1005 Баспаға шығарыў

Бәршемизге белгили, ҳәзирги ўақытта глобал машқалаға айланған коронавирус пандемиясы пүткил дүньяны тәшўишке салмақта. Шыпакерлеримиздиң тынымсыз мийнети ақыбетинде саўалып атырғанлар көпшиликти қураса да, бүгинги күнде дүньяның дерлик барлық еллеринде пандемияға қарсы илажлар күшейтилмекте.

Мәмлекетимиз бойлап көпшилик орынларда карантин жарияланған болса да, Мәмлекетлик хызметлер орайлары өз искерлигин тоқтатпастан пуқараларға зәрүр ҳәм кешиктирип болмайтуғын хызметлерди көрсетиўди даўам етип атырғанлығы ҳаққында хабар берген едик.

Бүгинги күнде мүрәжатлардың нәтийжели формаларынан бири сыпатында электрон мүрәжатларды айтыўымыз мүмкин.

Атап айтқанда, бүгинги күнде Мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлер түри 130 дан аслам болып, бул мәмлекетлик хызметлердиң барлығынан аралықтан (дистанцион) турып интернет тармағы арқалы онлайн тәризде яғный, Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (my.gov.uz) арқалы пайдаланыўыңыз мүмкин. Бунда Сизиң қымбатлы ўақтыңыз, финанслық қәрежетлериңиз ҳәмде артықша әўерегершиликлер де болмайды, сондай-ақ, мәмлекетлик хызметтен пайдаланыўыңыз ушын төлемиңиз 10 пайызға шегирме бериледи.

Буның ушын ең алды менен Сизде my.gov.uz порталы арқалы мәмлекетлик хызметлеринен пайдаланыў ушын электрон мүрәжатларды жибериўде электрон санлы имза болыўы тийис.

Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасының “Электрон ҳүкимет ҳаққында”ғы Нызамға тийкар, электрон санлы имза менен бәрше мәмлекетлик ҳәкимияты ҳәм басқарыў органлары сондай-ақ, банк хызметлериниң барлық түрлеринен еркин пайдаланыў имкәниятын тәмийинлейди. Сондай-ақ, қағаз ҳүжжетке қолда өзи қойған имза менен бирдей әҳмийетке ийе екенлиги белгиленген.

Соның менен бирге, мәмлекетлик хызметлерин көрсетиў тараўына байланыслы өзиңизди қызықтырған мағлыўматларға ийе болыўыңыз ушын davxizmat.uz сайтынан пайдаланыўыңыз мүмкин.

Булардың бәршеси пуқараларымыздың пайдасы, олардың шараятларын жақсылаў ҳәм ўақытларын тежеў ушын хызмет қылады.

Сонлықтан да, жоқарадағы көрсетип өтилген имкәниятлардан зәрүрлик болмаса уйден шықпаған ҳалда пайдаланып, глобал машқалаға айланған коронавирус пандемиясынан өзлеримизди қорғаўымыз ҳәмде оған қарсы гүресиўимиз зәрүр.

Ҳүрметли пуқаралар!

Өзиңиз ҳәм жақынларыңыздың саламатлығы Сизиң қолыңызда! Мәмлекетлик хызметлеринен онлайн тәризде my.gov.uz электрон порталы арқалы пайдаланың.

 

Кегейли районы Мәмлекетлик хызметлер орайы бөлим баслығы: С.Отегенов

 

18.04.2020 10:10:11 1006