Сораў: Колледж питкериўшисимен, жеке исбилермен сыпатында мәмлекетлик дизиминен өткенде салық төлемлеринен қандай жеңиллик бериледи?
Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң 375-статьясына тийкар кәсип-өнер колледжлери питкериўшилери колледжди тамамлағаннан кейин он еки ай ишинде жеке исбилермен сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткен жағдайда, жеке исбилермен сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткен сәнеден баслап қатаң белгиленген салықты төлеўден алты ай мүддетке азат етиледи.
Жеке исбилермен сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткен ўақыттан баслап он еки ай ишинде жумысы сапластырылған яки жумысын үш ай ямаса оннанда көп мүддетке тоқтатқан жағдайда, жумыс әмелге асырылған барлық дәўир ушын қатаң белгиленген салық төленеди.
Сораў: Белгиленген тәртипте мәмлекетлик дизимнен өтпестен исбилерменлик жумысы менен шуғылланған пуқараларға қандай шаралар көриледи?
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен 2013-жыл 31-май күни 2463-сан менен дизимге алынған Режеге муўапық, исбилерменлик жумысларын мәмлекетлик дизимнен өтпестен әмелге асырып атырған физикалық шахслар мәмлекетлик салық уйымлары тәрепинен анықланып, усланған жағдайда тийисли жумыс түрине қарап қатаң белгиленген салық бир жыллық көлемде бир жола өндириледи.
Бундай физикалық шахсларға усы жағдай анықланған сәнеден баслап отыз күн ишинде қатаң белгиленген салықтың жыллық суммасын төлеў яки усы мүддет ишинде жеке исбилермен сыпатында мәмлекетлик дизиминен өтип қатаң белгиленген салықтың есапланған жыллық суммасын он еки ай даўамында тең үлеслерде төлеў ҳуқықы бериледи.
Егерде, жеке исбилермен сыпатында дизимнен өткеннен кейин, он еки ай тамамланғанға шекем жеке исбилермен жумысын тоқтатқанда яки сапластырған жағдайда қатаң белгиленген салықтың төленбеген суммасы Өзбекстан Республикасы Салық кодексинде белгиленген тәртипте өндириледи.
Сораў: Коронавирус инфекциясы тарқалыўына байланыслы хожалық жүргизиўши субъектлерди қоллап-қуўатлаў бойынша қандай иләжлар көрилекте:
Өзбекстан Республикасы Презиентиниӊ ПФ5978 сан парманына менен 2020-жыл 1-апрельден 31-декабрьге шекем туроператорлар, турагентлер ҳәм туризм тараўында мийманхана хызметлерин (жайластырыў хызметлери) көрсетиўши субъектлер, юридикалық тәреплерден алынатуғын жер салығы ҳәм юридикалық тәреплердиң мүлкине салынатуғын салықты төлеўден азат етилди ҳәм социаллық салықты азайтылған ставкада 1 процент муғдарында төлейтуғынлығы белиленди.
Сораў: Карантин илажлары дәўиринде өз жумысын тоқтатыўға мәжбүр болған жеке тәртиптеги исбилерменлерге қандай женилликлер бериледи:
Өзбекстан Республикасы Презиентиниӊ ПФ 5978- сан парманына тийкар Карантин илажлары дәўиринде өз жумысын тоқтатыўға мәжбүр болған жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығының қатаң белгиленген суммасын ҳәм социаллық салықты есаплаў тоқтатылады, онда жумысты тоқтатқанлық ҳаққында салық төлеўшиниң жеке кабинети арқалы мәмлекетлик салық хызмети уйымлары хабардар етиледи ҳәм мәмлекетлик дизимнен өткергенлик ҳаққында гүўалықты тапсырыў талап етилмейди.
Сораў: Карантин илажлары дәўиринде Өзиниң жумысын тоқтатқан ҳәм (ямаса) товарлар (хызметлер) реализациясынан түсими быйылғы жылдың биринши шерегиндеги орташа айлық муғдарына салыстырғанда 50 проценттен көбирекке азайған микрофирма, киши кәрхана ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлерге салық төлеўде қандай женилликлер бар
Өзбекстан Республикасы Презиентиниӊ ПФ 5978 сан парманына тийкар Карантин илажлары дәўиринде Өзиниң жумысын тоқтатқан ҳәм (ямаса) товарлар (хызметлер) реализациясынан түсими быйылғы жылдың биринши шерегиндеги орташа айлық муғдарына салыстырғанда 50 проценттен көбирекке азайған микрофирма, киши кәрхана ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлерге салық уйымларын хабардар еткен ҳалда 2020-жыл 1-октябрьге шекем төмендеги салықларды процентсиз кешиктириў (бөлип-бөлип төлеў) ҳуқықы берилди:
жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына арза берместен турып айланыстан алынатуғын салық, мүлк салығы, суў ресурсларынан пайдаланғанлық ушын салық бойынша-оларды кейин ала 12 ай даўамында теңдей үлеслерде төлеў шәрти менен;
социаллық салық бойынша-оны кейин ала 6 ай даўамында теңдей үлеслерде төлеў шәрти менен.