Ҳүрметли районымыз халқы!

14.04.2020 09:18:44 831 Баспаға шығарыў

Бүгин жер жүзин хаўлықпаға салған жуқпалы кеселлик Коронавирус пандемиясы бизиң мәмлекетимизди де шетлеп өтпеди. Бул кеселлик тири организмге тез бейимлесиўи, жуғыў дәрежесиниң оғада күшли болыўы менен басқа кеселликлерден ажыралып турады. Солай екен, мәмлекетимизде жәрия етилген карантин қағыйдаларына толық әмел етип, үйиңизден шықпаўды усыныс етемен. Сыртқа тек азық-аўқат өнимлери ҳәм дәри-дәрмақ ушын, зәрүр болған жағдайларда ғана шығыўыңызды соранамыз. Сизиң карантин қағыйдаларына әмел етиўиңиз пүткил бир мәмлекетимиз ушын әҳмийетли екенин тереңнен уғыныўыңыз лазым. Ең баслысы, жүз берип атырған жағдайларға тынық пикир ҳәм объектив көз-қарас пенен қараўымыз керек. Буның ушын бәримизден қанаатлы болыў, өткинши материаллық жетиспеўшиликлерге сабыр ҳәм төзим менен қатнас жасаў, шыпакерлеримиз зинҳарлап айтқан ҳәр бир сөзге әмел етиў талап етиледи.

Хүрметли районымыз халқы! Әлемниң мен деген мәмлекетлерин де ҳәр тәреплеме албыраўшылық ҳәм үлкен жоғалтыўларға алып келген пандемияның нәтийжесинен жуўмақ шығарайық!

Бир-биримизге мийрим-шәпәәтли, итибарлы болайық.

Биз де өз орнында карантин қағыйдаларының толық орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде барлық күш-жигеримиз бенен ҳәрекет етемиз.

 

Кегейли районы ҳәкими: М. Абдиров

14.04.2020 09:18:44 832