Кегейли районы «Абат» аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы кем тәмийинленген шаңарақлар дизиминдеги Аленов Ерназар 1976-жылы 11-июнь күни Кегейли районында туўылған. Шаңарағында жәми 5 адам. Аленов Ерназардың ҳаялы Кемалова Зияда 1981-жылы туўылған. 2018 сентябрь айынан берли Қазақстан Республикасында қол ушы талап ислеў ушын кетип, Өзбекстан Республикасына қайтыўды қәлемейтуғынлығын билдирген.
Усыған байланыслы оның перзентлерине пуқара Аленова Тоты ҳәм Л.Қунназарова қәўендер етип бекитилген. “Абат” АПЖ Араншы елатында жасаўшы Аленов Ерназар өз аймағындағы пуқаралар жыйынына 2019-жылы 13-июнь күни менен материаллық жәрдем напақасын сорап арза жазған. Пуқара арзасы тийисли комиссия тәрепинен үйренип шығылған ҳәм 29.06.2019-жылғы 6-санлы протокол дизими менен материаллық жәрдем напақасы тайынланған. Аленов Ерназар 2019-жылдың декабрь айына шекем жәрдем пулын алып келген. (Ҳәр бир айға 325 275 сўм. Жәми 1 951 650 сўм.) 2020-жыл 6-март сәнесинде “Абат” АПЖ ақсақалы Б.Қазақбаевқа материаллық жәрдем напақасын алыў бойынша мүрәжат еткен. Пуқара мүрәжаты тийисли тәртипте көрип шығылып, қaнаатландырылған. (Апрель айынан баслап гезектеги материаллық жәрдем пулы берилип атыр.) Сондай-ақ, пуқара буннан басқада “Абат” АПЖ тәрепинен берилген тийисли жәрдемлерди алып турғанлығын мәлим етти. Социаллық тармақларда тарқалған хабарларды жәнеде анықластырыў мақсетинде Кегейли районы ҳәкимлиги басшылары, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими қәнигелери тәрепинен Аленов Ерназардың шаңарағынан хабар алынды.
-Бизлер АПЖнан миннетдармыз, олар бизлерге барлық жәрдемин қөрсетип атыр. Интернетте кимдур бизлер хаққымызда мағлыўматларды тарқатыпты. Буны естикен балаларым намысланып жылап атыр. Олар бала-ғой түсиниўи қыйын,-дейди Аленов Ерназар
– Мен “Абат” АПЖ на өз рахметимди айтаман. Себеби, олар бизлерге қөп жәрдем берип атыр. Бизлерди кимдур интернетке шығарыпты. Бирақ, ким екенин билмеймиз. Еки жылдан берли анам Кемалова Зияда Қазақстаннан келмей атыр. Анамыз таслап кеткен болсада бизлер аш емеспиз! Бизлерге әкем қарайды. Үкелериме өзим қарайман, сабақларын таярлатаман. Хәммесин өзим ислеймен!-дейди Аленова Гулайым.
Мәмлекетимизде пуқаралардың бир-бирине мехир мухаббатлы, итибарлы болғаны алғысқа ылайық. Деген менен, бир пуқараның өзиниң рухсатысыз шахсый мағлыўматларын кең жәмийетшиликке тарқатыў Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик хаққындағы кодекстиң тийисли статьяларына тийкар ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылыўына алып келеди.
Өз орнында Кегейли районы ҳәкимлиги мәмлекетлик нызамларға тийкарланған түрде Е.Аленов шаңарағына тийисли жәрдем түрлериниң берилетуғынлығын мәлим етип билдиреди.
Кегейли районы ҳәкимлигининг Мәлимлеме хызмети