Бүгин жәмийет басына түскен сынаўлы күнлерде халқымыздың бир тән болып бирлесиўи оғада үлкен әҳмийетке ийе. Инсәниятқа үлкен қәўип салып турған падемиядан сақланыў мақсетинде мәмлекетимиз тәрепинен барлық иләжлар алып барылмақта. Сол қатары Кегейли районы хәкимлиги тәрепинен дүзилген исши топар менен бирге Өзбекстан Республикасы Бас Прокуратурасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Кегейли районы бөлими тәрепинен «Жүзим бағ» АПЖ аймағында да көшпели ярмарка шөлкемлестирилди. Ярмаркада биринши гезектеги азық-аўқат өнимлери хәм дәри-дармақлар арзанластырылған баҳаларда сатыўға қойылды.
-Елимиз басына келген бундай сынаўлы күнлерде пуқараларымызды хәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларға тыныш, абадан турмыс тәризин жаратып бериў бизиң ең тийкарғы мақсетимиз, – дейди исши топар ағзаларынан бири өз сөзинде.
Кегейли районы ҳәкимлигининг Мәлимлеме хызмети