Пүткил жер жүзи жуқпалы кеселликке карсы гүресип атырған бир дәўирде Кегейлирайоны Гүжим терек МПЖ аймағындағы ѳнерментлер дизиминен ѳткен Бердиниязова Дилфузада Шәкирт қызлары менен биргеликте халыққа хызмет кѳрстип, гигиеналық қурал есапланған маскаларды тигип атыр. Усындай сынаўлы күнлерде исбилермен ҳәм ѳнерментлеримиздиң алып барып атырған бундай ис-илажлары халқымыз ушын исленген ең үлкен саўаплы ислердиң бири болыўына исенемиз.
Саўаплы ислер
26.03.2020 07:56:35
1058