Ўазыйпамызды умытпаўымыз керек!-дейди район ҳәкими

14.03.2020 10:42:15 1000 Баспаға шығарыў

Кегейли районындағы барлық мәкеме, шѳлкем жумысшылары, аймағымыздың гүллан турғынлары, соның менен бирге районымыз ҳәкими М.Абдировта «Абат журт» улыўма халықлық абаданластырыў ҳәм кѳклемзарластырыў жумысларының биринши күнинин белсендилик пенен баслап берди.

«Абат журт» улыўма халықлық шембилигинде аймағымызда 70 000 нан зыят ҳәр түрли мийўе ҳәм декоратив нәллер егилиўи сондай-ақ, 22 000 км аралықтағы жап-салмалардың тазаланыўы режелестирилген.

Елимизде бундай жумыслардың алып барылыў илажлары жәмийетимизде экологиялық мәденияттың қәлиплесиўине, адамлар санасында абадан турмыска деген қѳз-қарасты раўажландырыўда әлбетте ѳзиниң унамлы тәсирин тийгизеди.

– Ѳз орнында биз, жасап атырған аймағымыздың санитариялық жағдайы, кѳклемзарластырыў илажлары ушын жуўапкер екенимизди умытпаўымыз керек!-дейди район ҳәкими.

Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме  хызмети

14.03.2020 10:42:15 1001