Бүгин Кегейли районы ҳәкими М.Абдиров районымыздағы 9-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде район турғынлары менен ушырасыў ѳткерди. Ушырасыўда пуқаралар мүрәжатлары тыңланып, олардың орынланыўы бойынша жуўапкер басшыларға тийисли тапсырмалар берилди. Халық мүрәжатларын тыңлаў барысында район ҳәкими:
– Халықтың мүрәжатлары ҳәм машқалаларын тыңлаў, олардың орынланыўын тәмийинлеўде аянбай мийнет етиў ҳәр бир басшының ўазыйпасы екенлигин, сондай-ақ, пуқаралардың бүгинги турмысынан кеўли тоқ болса ғана, жәмийетимиз тыныш болатуғынлығын ѳз сѳзинде келтирип ѳтти.
Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети