Қәдирли аналарымыз барқулла итибарымызда!

08.03.2020 15:26:48 733 Баспаға шығарыў

Бүгинги күнде елимизде ҳаял-қызларға ғамқорлық көрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық турмыстағы белсендилигин арттырыў – бул мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларынан саналады.

Сол мүнәсибет пенен 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы қарсаңында Кегейли районы Мәмлекетлик хызметлер орайы хызметкерлери тәрепинен Абат макан МПЖ Б.Айназаров көшеси турғыны 80 жасты қарсы алған, жасаў жағдайы аўыр болган Айтниязова Айгул апаның ҳәмде Қ.Бекназаров көшеси турғыны бағыўшысынан айрылған 63 жасты қарсы алған Матякупова Тиллахан апаларымыздың ҳалынан хабар алынып ақ пәтиясын алыў мақсетинде байрам менен қутлықлап, оларға байрам саўғалары тапсырылды.

Жүзлеринен нур жаўылып турған бул еки апаларымызға меҳир мүриўбет көрсеткен ҳалда мәмлекетлик хызметлерин көрсетиў тараўына байланыслы хызметлерди үйлерине барып қәлеген хызмет түрин көрсетиўге таяр екенимизди айтып, орайдың исеним телефон номерлерин қалдырдық!

 

С.Отегенов,  Кегейли районы Мәмлекетлик хызметлер орайы бөлим баслығы

08.03.2020 15:26:48 734