Китап – инсанның озық ойлы, терең билимге ийе болып, жәмийеттен ѳз орнын таба алыўында баслы жәрдемши ўазыйпасын атқарады. Китап пенен дос тутынған ҳәр бир адамның ишки дүнясы кеңейип, ѳз алдына гѳззалласып бара береди. Сонлықтанда данышпанларымыз барлық ўақытта илим-билим жолындағы инсанларды әсирлер даўамында кѳклерге кѳтермелеп келген. Олардың тилинен баянланған сѳзлерди халыққа жектерип, жәмийетти зыялы болыўға шақырған. Мине усындай зыялы жолды мақсет еткен бүгинги жасларымыздың бири Нурсулыў Коканова. Ол 2016-2017 оқыў жылында математика пәнинен “Билимлер беллесиўи” ниң 2-басқышында 2-орынды ийелеген. 2016-2017-жылы мектеплер арасында ѳткерилген “Заковат” интеллектуал ойынының ең белсенди қатнасыўшысы.
2017-жылы “Ен жақсы китапқумар” таңлаўының районлық басқышында I орынды ийелегени ушын мақтаў жарлығы менен сыйлықланған. Сондай-ақ, Н.Коканова “Китапқумар” таңлаўының республика басқышында қатынасқаны, Пәнлер олимпиадасында I орынды ийелегени ушын мақтаў жарлығы ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. 2018-жылы “Ең жақсы китапкумар оқыўшы” таңлаўының районлық басқышы жеңимпазы.
Ол Республика оқыўшы қызлар инновацион саммитинин “Билиимлендириў системасында социаллық жойбар” бағдары бойынша жеңимпаз болды. Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң мәмлекет мәсләхатшиси, Ѳзбекстан жаслар аўқамы Орайлық Кеңеси баслығы атынан Н.Коканованың ата-анасына миннетдаршылық хаты берилди.
2018-жыл “Жас китапқумар” таңлаўынын район басқышында Ι орынды қолға киргизип Республикалық басқыштада Ι орынды ийеледи. Ѳзбекстан Республикасы басқышында Жас китапхан танлаўының (15-19 жас аралығында) женимпазы болды ҳәм баҳалы сыйлық, яғный Президент саўғасы “Spark” автомобили менен сыйлықланды.
Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети