Дыққат! «Өзбектелеком» АК Қарақалпақстан Республикасы филиалы администрациясы хабарлайды

27.02.2020 18:59:06 1074 Баспаға шығарыў

Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы барлық Министрликлер, мекемелер, кәрханалар, шөлкемлер ҳәм пуқаралардың дыққатына!

Бүгинги күнде, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2013-жыл 27-июньдағы «Өзбекстан Республикасының миллий мəлимлеме-коммуникация системасын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-1989-санлы Қарарында белгиленген тапсырмаларды орынлаў жəне “Жергиликли телекоммуникация тармағын модернизациялаў, раўажландырыў ҳәм көрсетилип атырған хызметлер сапасын буннан былай да арттырыў” жойбары тийкарында «Өзбектелеком» АК Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен Нөкис қаласы, Қоңырат, Кегейли, Беруний ҳәм Елликқала районы телекоммуникация тармақларындағы “NEAX” (някс)  автомат түрде ислейтуғын телефон станцияларын жаңа MSAN (эмсан) станцияларына өзгертиў бойынша реконструкциялаў жумыслары алып барылыўына байланыслы:

 Кегейли районы “Гүжим терек”, “Қуяшлы” ҳәм “Алтын тала” мәкан пуқаралары жыйыны аймағындағы 416-АТС абонентлери дыққатына:

Автомат түрде ислейтуғын телефон станцияларын реконструкциялаў жумыслары даўамында 2020-жыл 27-февраль сәнесинен 31-март сәнеси аралығында Сиз тәрептен пайдаланылып атырған телефон, интернет, IPTV ҳәм басқада телекоммуникация хызметлери басқышпа-басқыш түрде ўақтынша үзилиске түсетуғынлығын ҳәмде телефон номерлери өзгертилетуғынлығы мәлим етиледи.

«Өзбектелеком» АК Қарақалпақстан Республикасы филиалы администрациясы.

27.02.2020 18:59:06 1075