Кегейли районлық «ВАТАНПАРВАР» оқыў спорт техника клубында районлық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бѳлими, «ВАТАНПАРВАР» ОСТК ҳәмде Ѳзбекстан Либерал Демократиялық партиясы районлық Кеңеси шѳлкемлестириўинде Президентимиз Ш.М.Мирзиёeвтың 24-январь күнги Парламентке жоллаған Мүрәжаатнамасы мазмун әҳмийетин кең түсиндириў мақсетинде үгит нәсият илажы болып ѳтти.
Илажға Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық Орайы районлық бѳлими баслығы Б.Матеков, Ѳзбекстан Либерал Демократиялық партиясы районлық Кеңеси депутатлары Б.Искендеров ҳәм Н.Елмуратовалар қатнасты.
Мүрәжаатнамада белгиленген мәмлекетлик бағдарламалар ҳәм дәcтүрлер бойынша кеңнен түсиниклер берилди. Тыңлаўшылар тәрепинен сораўлар берилип, ушырасыў қызғын сәўбетте болып ѳтти.
Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети