2020-жыл 24-февраль күни Кегейли районы ҳәкимлиги мәжилислер залында Ҳалық депутатлары Кеңесиниң екинши сессиясы болып ѳтти.
Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Қурбаниязов Даўытбай Қалбаевич, ҳәкимлик бѳлимлери, ҳалық депутатлары районлық Кеңесиниң депутатлары, сектор басшылары, ҳуқық қорғаў уйымлары, мәкеме, кәрхана, жәмийетлик шѳлкем басшылары ҳәм ҒХҚ ўәкиллери қатнасты. Онда Кегейли районы ҳәкими М.Абдиров “Ѳзбекстан Республикасы Мәҳалле ҳәм шаңарақты қоллап-куўатлаў министрлиги жумысларын шѳлкемлестириў ҳаққында”ғы қарарының әҳмийетине тоқтап ѳтти. Қарар менен Ѳзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министирлиги хәмде оның Қаракалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәм қала (район)лық бѳлимлери шѳлкемлестирилиўи белгиленген. Соған тийкар, Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары – Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бѳлими баслығы лаўазымына Сейтимбетов Алишер Алланиязович ҳәм оның орынбасарлары тайынланды.
Сессия күн тәртибинде еки мәселе қаралды.
- Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары – мәҳалле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы ҳәм орынбасарларын тайынлаў туўрысындағы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының бийлигин тастыйықлаў ҳаққында;
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 27-декабрь күни елимиз жаслары менен видеоселектор тәризинде өткерилген мәжилисинде жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатында түп-тийкарынан бурылыс жасаў, жаслар менен ислесиў нәтийжелилигин арттырыў бағдарында белгилеп берилген әҳмийетли ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў ҳаққында.
Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли тараў ўәкиллериниң баянатлары тыңланып, депутаталар тәрепинен пикирлер билдирилди. Усының менен Халық депутаталары Кеңесиниң екинши сессиясы ѳз жумысын жуўмақлады.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети