Кегейли районы «Жаңабазар» аўыл пуқаралар жыйыны «Естек» елатында жайласкан «Абат ярмыш» каналындағы кѳпир қурылысы темир бетоннан болып, 1970-жыллары бурынғы «Кегейли» хожалығы тәрепинен қурылған. Бул объекттиң хәзирги күнде хеш бир кәрхананың балансында жок екенлиги анықланды. Кѳпир кәрханаларға бекитилмегенлиги себепли оңлаў жумыслары усы күнге шекем алып барылмаған. Хәзирги күнде бул кѳпирди белгили бир кәрханаға бириктириў хәм оңлаў жумысларын алып барыў илажлары кѳрип шығылмақта.
Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети