«Нурлы бостан» мәкан пуқаралар жыйынында жаслар менен ушырасыў болып өтти.

05.02.2020 12:47:08 895 Баспаға шығарыў

Жаслар менен сәўбетлесиў олардың пикир ҳәм усынысларын тыңлаў ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде район ҳәкиминиң орынбасары Қ.Бекимбетов «Нурлы бостан» мәкан пуқаралар жыйынында жаслар менен ушырасыў өткерди. Ол өз сөзинде Ҳүрметли Президентимиздиң 27 декабрь күни Мухаммад Ал-Хоразмий атындағы мектепте жаслар менен тарийхый ушырасыўы болып өткенлигин айтып, ушырасыўда Ҳүрметли Президентимиз елимизде жаслар сиясаты бойынша әмелге асырылып атырған унамлы жумыслар менен бир қатарда өзиниң шешимин күтип турған мәселелерге де тоқтап өткенлигин айтып өтти.

Ушырасыў даўамында қатнасыўшылардың муражатлери тыңланып тийисли шешимлер қабыл етилди.

Атап айтқанда Районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 14-санлы мектептиң директоры Р.Турданова жаслар арасында китапханлықты жәнеде раўажландырыў жасларды ойланып дурыс шешим қабыл етиўде жәрдемши болатығын китапханлық таңлаўын өткериўди усыныс етти.. Соның менен бирге «Нурлы бостан» мәкан пуқаралар жыйыны баслығы Қ.Бекбаев мектеп алдынан өтип турған асфальт жолға пиядалар өтиў орны (зебра) жол белгисин  орнатып бериўди сорап өзиниң мүрәжатин билдирип өтти.

  

Ушырасыў соңында билдирилген усыныс ҳәм мүражатлер өз шешимин тапты.

Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети.

05.02.2020 12:47:08 896