ÓzLiDeP Кегейли районлық Кеңеси депутатлық топарының гезектеги мәжлиси

12.02.2020 17:13:52 1359 Баспаға шығарыў

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиндеги ÓzLiDeP депутатлық топарының гезектеги мәжлиси болып өтти. Мажлистиң күн тәртибинде депутатлық топарының 2020-жыл ушын мөлшерленген ис-режеси жойбары додаланып, даўысқа қойылды ҳәм депутатлар тәрепинен мақулланды.

Сондай-ақ, ис режеге тийкарланып районлық Әдиллик бөлими бас мәслаҳатшиси Т.Қойлыбаев, районлық мәмлекетлик хызметлер орайы директоры А.Даўекеевлар өткен жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар бойынша депутатлар алдында өз есабатлары менен қатнасты. Күн тәртибинде көрилген мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

 

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

12.02.2020 17:13:52 1360