Жаслар бәнтлиги тәмийинленди

07.02.2020 13:19:38 766 Баспаға шығарыў

6-февраль күни Кегейли районы  Мәденият бөлиминде гезектеги «Хәким ҳәм жаслар» ушырасыўы болып өтти.   Ушырасыўды район ҳәкиминиң биринши орынбасары Н.Ещанов ашып берди. Ушырасыўға район ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық мәселелери бойынша орынбасары К.Бекимбетов, Ѳзбекстан Республикасы Президенти Кегейли районлық Халық Қабыллаўханасы баслығы М.Арзымбетов, Ѳзбекстан Республикасы Бас Ўәзириниң исбилерменлик мәселелери бойынша Кегейли районлық қабыллаўханасы баслығы Б.Аширбековлар қатнасты.

 

      Илаж даўамында жаслар машқалалары тыңланды. Усы жердиң өзинде 16 жастың  мүрәжетлери өз шешимин тапты. 12 жас қәнийгелиги бойынша жумысқа орналасты. 4 жасқа дийханшылық пенен шуғылланыўы ушын 0,34га дан  жер майданы ажыратылып, усы жердиң өзинде жерден пайдаланыў ҳукықын бериўши гүўалықлар тапсырылды.

8 жастың мүрәжетлери бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

Исбилерменлик пенен шуғылланыў тилегин билдирген 2 жасқа исбилерменликти шөлкемлестириў, жүритиў ҳәм бул бойынша мәмлекет тәрепинен белгиленген салық системасында жеңилликлер, жер ажыратыў сыяқлы мәселелерге тийисли тараў хызметкерлери тәрепинен жуўаплар берилди.

Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

07.02.2020 13:19:38 767