Кегейли районында инвестициялық жойбарлардың орынланыўы бойынша

30.11.2024 16:57:15 32 Баспаға шығарыў

Кегейли районы ҳәкимлигинде өткерилген брифингте район ҳәкиминиң орынбасары Б.Байжанов районда инвестициялық жойбарлардың әмелге асырылыўы бойынша мағлыўмат берди. Онда атап өтилиўинше, Кегейли районында тастыйықланған бағдарламалар тийкарында, 2024-жылда улыўма баҳасы 352,9 млрд. сўм болған
16 жойбар әмелге асырылыўы ҳәм 549 жаңа жумыс орны жаратылыўы режелестирилген.
2024-жыл 1-ноябрь жағдайына баҳасы 26,3 млрд. сўм болған 8 жойбар иске түсирилип, 62 жаңа жумыс орынлары жаратылыўы режелестирилген болып.
Әмелде, 1-ноябрь жағдайына баҳасы 26,3 млрд. сўм болған 8 жойбар иске түсирилип, 62 жаңа жумыс орынлары жаратылған.

Экспорт көрсеткишлери бойынша:

2024-жылы Кегейли районы ушын белгиленген прогноз көрсеткиши 16 млн 500 мың АҚШ. долларды кураған болып,
2024-жыл январь-октябрь айлары ушын прогоноз 14 млн 553 мың АҚШ. долл етип белгилеген. Бүгинги күнде 9 млн 986 мың АҚШ долларлық санаат өнимлери ҳәм 19 мың АҚШ. долл мийўе-палыз экспорт қылынған болып, режеси ң
69 % ға орынланған.

Туўрыдан-туўры сырт ел инвестицияларын өзлестирилиў бойынша:

Кегейли районында 2024-жылы жәми баҳасы 5,6 млн АҚШ. долларлық инвестицияларды өзлестилиўи режелестирилген болып, соннан январь-октябрь айлары ушын режеси 4,6 млн АҚШ. долларды қурайды. Бүгинги күнде (январь-октябрь айларында) районда 5,5 млн АҚШ. долларлық туўрыдан-туўры шет ел инвестициясы өзлестирилген (орынланыўы 119 %).

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

30.11.2024 16:57:15 33