Сессияға Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси депутатлары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, пуқаралар жыйынлары баслықлары мәкеме, кархана, шөлкемлер баслықлары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессия күн тәртибинде Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси баслығын сайлаў ҳаққында мәселе кɵрип шығылды.
Онда, Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Регламентиниң 38-статьясына муўапық Кегейли районы ҳәкими бир ўақыттың өзинде Халық депутатлары районлық Кеңеси баслығы лаўаызымын қосып алып барыўы белгиленгенлиги атап ɵтилди ҳәм Регламентке тийкар, Кегейли районы ҳәкими Камалов Айбек Қудабаевтичтиң кандидатурасы Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси баслығы лаўазымына районлық Кеңес депутатлары тәрепинен тастыйықланды.
Сондай-ақ, күн тәртибинде Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси секретариаты баслығын тайынлаў ҳаққында болды.
Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Секретариаты ҳаққындағы Режеге муўапық Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси Секретариаты баслығы лаўазымына депутатлар арасынан районлық Кеңес баслығы тәрепинен усынылыўы атап өтилген.
Усыған байланыслы Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси секретариаты баслығы лаўазымына 3-санлы “Жамбыл” сайлаў округинен депутат Искендеров Байрамбай Оспановичтиң кандидатурасы депутатлар тәрепинен мақулланды.
Буннан тысқары сессия күн тәртибинде Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң турақлы комиссияларын дүзиў ҳәм қурамын тастыйықлаў ҳаққында мәселе кɵрилди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының райондағы мәкеме, кәрхана, шөлкемлерде мүрәжатлар менен ислесиў жумысларының барысы ҳәмде лаўазымлы шахслардың жуўапкершилигин асырыў туўралы мәлимлемеси тыңланып, усы жылдың 10 айы даўамында келип түскен мүрәжатлардың орынланыўы талықланды.
Сондай-ақ, сессияда, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022-жыл 23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша 2022 жыл 25-февраль күни өткерилген 16-санлы мәжилис баянламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысы бойынша ҳәким орынбасары Б.Байжанов баянат жасады.
Сессия күн тәртибинде, Кегейли районы жергиликли бюджетиниң 2024 жылдың үшинши шерегинде белгиленген дәраматлар режесиниң артық орынланған бөлеги есабынан анықланған қаржылар ҳәм олардың жумсалыў жөнелислери ҳаққындағы мәселелер қарап шығылып булл бойынша пикир-усыныслар тыңланып, тийисли шешимлер қабыл етилди.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети