Жүзимбағ аўыл пуқаралар жыйынының Қутлы мәкан көшесинде үлги жойбар тийкарында қурылған турақ жайларда 80 нан зыят хожалықлар жасайды. Усы күнге шекем аймақта бирде бир балалар бақшасының жоқлығы пуқаралар ушын бираз қыйыншылықлар пайда етип киятыр еди. Ал, Өзбекстан Республикасы Президентиниң “2024-2026-жылларда Өзбекстан Республикасыныӊ социаллык ҳәм ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-404-санлы қарары усы аймақта жасаўшы халықтың машқаласына шешим болды. Улыўма баҳасы 4 млрд 500 млн.сум болған 90 орынлық балалар бақшасы имаратын курыў жумыслары “Макс элит строй” ЖШЖ тәрепинен алып барылып, бүгинги күнде ишки ҳәм сыртқы безеў жумыслары алып барылмақта.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial