Кегейли районы мәҳәлле белсендилери, нураныйлар, ҳаял-қызлар ҳәм де жасларының район халқына МҮРӘЖАТЫ

18.10.2023 16:19:13 212 Баспаға шығарыў

Ҳүрметли район турғынлары!

Хабарыңыз бар, бир неше жыллардан берли республикамыз бойлап «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде әмелге асырылып атырған ийгиликли басламаларымыздың нәтийжесинде, республикамыз, соның ишинде районымыз жасылға оранып, экологиялық апатшылықтың тәсирин бираз кемейтиўге ерисилмекте. ϴйткени, биз усы әмеллеримиз, ғалабалық ҳәрекетлеримиз арқалы ғана ана тәбиятымыздың жасыл әлемин сақлап қалыўға ерисемиз.

Әзийз ӯатанласлар!

Мәмлекетимиз басшысы усы жылдың 11-октябрь күни өткерилген видеоселектор жыйналысында усы мәселе бойынша бир қатар әҳмийетли усыныслар билдирип, бир қанша ӯазыйпаларды белгилеп берген еди. Усы ӯазыйпалардан келип шығып, усы жылдың 25-октябринен 1-декабрине шекем елимизде «Гүзги терек егиӯ мәӯсими» деп жәрияланды.

Қәдирли дослар!

Ана тәбият пенен бир болып, әтирап-аймақтың тазалығын сақлаӯға умтылып киятырған көп миллетли халқымыз атынан бизлер Ҳүрметли Президентимиздиң усы айтқан сөзлеринен руӯҳланып, барлық районымыз турғынларын «Жаңа Өзбекстан – жасыл мәканда бирге жасайық!» уллы идеаларын қоллап-қуӯатлаӯға шақырамыз.

Ҳүрметли нураныйлар!

Сизлердиң бай турмыслық тәжрийбеңиз, аппақ тилегиңиз сыяқлы ақ пәтияларыңыз кейинги әўладқа, избасарларыңызға ҳәмийше күш, қоллап-қўўатлаў болып келмекте. Биз әҳмийетли саналған 40 күнлик жойбар даўамында да районымыздағы 7612 нураныйларымыздың билим ҳәм тәжирийбесине сүйенип, мәҳәллелерде «Жасыл мәкан» улыума миллий жойбарды әмелге асырыўда сизиң бийминнет жәрдемиңизди ҳәм искерлигиңизди күтип қаламыз.

Ҳүрметли аналар, әзиз апа-қарындаслар!

Тәбияттың гɵззаллығы менен уйғынласып келген шырайыңыз сыяқлы, Сиз жасап турған аймақ, шаңарақ гɵззал ҳәм тәкирарланбас шырайлы болыўы керек. Биз ананы, ҳаял-қызларымызды қандай қәстерлесек, тәбиятты да сондай қәдирлеўди перзентлеримиздиӊ санасына тереӊ сиӊдирейик!
Бийкарға ана тәбият, ана жер сɵзлери бир-бирине мәнилес болып, бизиң сɵз байлығымыздан орын алмаған. Сонлыктан, аналарымыздың уллы атлары менен басланған кɵркем бағлар жаратайық. Бизден, районымыздың 36 175 ҳаял-қызынан тек ғана жақсы ат, үлгили әмеллер менен ҳәр бир мәҳәлледе “Аналар бағы” қалсын. Жанымыздан артық болған перзентлеримиз ертенги күни биз бенен сиз жаратқан «Аналар бағ» ларының гɵззалығы менен кɵркемлигин кɵрип бизге шексиз алғыслар айтсын.

Әзийз жаслар!

Сизлер Жаӊа Өзбекстанныӊ қурыўшылары, үшинши ренессанс дәўириниң баслаушыларысыз! Халқымыз гөзлеп атырған жоқары шеклерге ерисиўде, келешегиниң буннанда жарқын болыўында тек ғана сизлердиң ақыл-парасатыӊыз бенен билимиңизге, күш-ғайратыӊыз бенен ана Ўатанға болған садықлығынызға исенип жасамақта. Ҳәр бириңиз усы Ана тәбияттың бир бɵлеги, Ана жеримиздиң сүйикли перзенти екенлигиңизди терең сезинип, келешегиңизге бийпәрўа болмастан тәбиятымызға жәрдемши күш сыпатында бүгиннен баслап шаӊарағыӊыз, көшеӊиз, мәҳәллеӊизде ɵз нәлиӊизди егиӊ, аймақта “Жаслар бағы”н шөлкемлестириўде баслама көрсетиӊ!

Ҳүрметли район пуқаралары!

Бул мүрәжатымыз арқалы тек ғана «Гүзги терек егиў мәўсими» аралғында емес, бәлким ҳәр бир күннен утымлы пайдаланып, районымыздың ҳәр бир азаматын туўылған жердиң “Жасыл мәкан”ға айланыўына себепши болыўына шақырамыз.

Жасыл мәкан ислерине ҳәмме теңдей беккем аўызбиршилик пенен қатнасайық!

18.10.2023 16:19:13 213