Кегейли районы мәлимлеме-китапхана орайында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, Өзбекистан қаҳарманы Ибрайым Юсупов,Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Өзбекистан қаҳарманы Төлепберген Қайыпбергеновлардың 94 жыллығы мүнасибети менен«Сен сөнбейсең поэзия жулдызы» атамасында әдебий кеше шөлкемлестирилди.Әдебий кешеге районымыздағы ХББ не қараслы 1-9-14-55-19-8-санлы мектеплериҳәмБаркамал әулад балалар мектеби оқыушылары қатнасты. Оқыушылар тәрепинен шайыр қосықлары,жазыушымыздың шығармаларынан саҳналық көринислер қойып берилди. Шайыр ҳәм жазыўшы дөреткен бай шығармалар, қосықлар халқымыз кеулинен терең орын алған.Усындай илажларды өткериуден мақсет, өсип киятырған жас әўладқа руўхый азық бериў, китаплары менен таныстырыу, оларда китапқа болған қызығыушылығын және де асырыу, китап оқыў мәдениятын бойына сиңдириу болып табылады.
Қарақалпақстан халық шайыры, Өзбекстан қаҳарманы И.Юсупов 1929-ж 5-майда Шымбай районының Азат аўылында дуняға келеди. 1949-жылы Қарақалпақ мәмлектлик педагогикалық институтын тамамлап, усы институтта оқытыўшы болып ислеп қалды.И.Юсупов ҳәр қыйлы тараўларда хизмет еткен.Дөретиўшилик мийнет оның өмир жолының ажыралмас бир бөлеги болды.Шайырдың дәслепки шығармалары 1946-жылдан баслап жариялана баслады. Биринши поэмасы «Жолдас муғаллим»,ал «Бахыт лирика» дегентунғышқосықлартопламыбасылыпшықты. И.Юсупоадөретпелерикөпғанахалықлартиллерине аўдарылған.
Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Өзбекстан қаҳарманы Т.Қайыпбергенов 1929-ж 7-майда Кегейли районында (Хәзирги Нөкис районының Шортанбай аўылында )дуняға келеди.1947-жылы Хожелидеги пед училищени тамамлап, аўыллық мектепте муғаллим болып ислейди. Әмиўдария журналында әдебий хызметкер, Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамының жуўаплы хаткери,, Қарақалпақстан радиосында аға редактор, баспа сөз бойынша мәмлекетлик комитет баслығының орынбасары,1980-жылдан2000-жыллар аралығында `Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамының баслығы лаўазымында иследи.1956-жыл оның «Секретар»атлыбириншиповесттижарияланды. Буннанкейин «Муғаллимгерахмет» повести, «Соңғыхужим»романы, «Блокнот сөйлейди » гүрриңи,«Қарақалпақ қызы» романы,«Уйқысызтүнлер» повести тарыйхыйдәуирдиөзишинеқамтыған. Т.Қайыпбергеновтың «Қарақалпақнама»роман-эссеси тек ғанаҚарақалпақпрозасында ғана емес, ал хәзирги Орайлық Азия халықлары әдебиятында айрықша әдебий қубылыс болды.Т.Қайыпбергеновтың шығармалары көп ғана тиллерге аудармаланып жәрияланған. Олар әлбетте өз дөретпелери менен бизлердиң ядымызда мәңги жасайды.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети