Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутаты Г.Жуманазарова Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022-жыл 25-октябрьдеги “2022-2023 жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын жәнеде жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳақкында”ғы 408-санлы қарарында “Халқабад” мәҳәлле пуқаралар жыйыны аймағында белгиленген объектлердеги қурылыс-оңлаў жумысларының орынланыў барысы бойынша үйрениў жумысларын алып барды.
Қарар тийкарында аймақта белгиленген 0,8 км ишки жолларды оңлаў ҳәм 5,087 км аралықта таза ишимлик суў тармақларын қайта ремонтлаў жумыслары тармақ графиги тийкарында алып барылмақта.