Сессияға Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси депутатлары, сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, тийисли тараў басшылары, пуқаралар жыйынлары баслықлары, аймақлардағы ҳаял-қызлар белсендилери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессияны Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊеси баслығы Д.Утемуратов алып барды.
Сессия күн тәртибинде:
– Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли районындағы Халық қабыллаўханасының секторлар ҳәм пуқаралар жыйынларында мүрәжатлар менен ислесиў бойынша алып барылып атырған жумысларының барысы туўралы мәлимлемеси ҳаққында.
– Кегейли районы бойынша “Ҳаяллар дәптери” менен ислесиў системасының ҳаял-қызлар машқалаларын үйрениўдиң төртинши басқышын шөлкемлестириў ис-иләжлары ҳаққында.
– Кегейли районы сектор басшыларының Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги “2022-2023 жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын жәнеде жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳақкында”ғы ПҚ-408-санлы қарары тийкарында мәҳәлле ҳәм аўыллардың инфраструктурасын еледе раўажландырыў илажлары бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслары бойынша есабатлары ҳаққында.
– Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022-жыл
23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша 2022 жыл 25-февраль күни өткерилген 16-санлы мәжилис баянламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысы ҳаққында.
– 2023-жылда Кегейли районын социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың дәраматларын асырыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажларының “Жол карта”сын тастыйықлаў ҳаққында.
– Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2022-жыл 30-декабрьдеги “Кегейли районы жергиликли бюджетиниң 2023-жылғы параметрлерин тастыйықлаў ҳаққында”ғы VI-64-196-13-184-K/22-санлы шешимине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында.
– Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарламасының орынланыўы бойынша 2022-жылда әмелге асырылған жумыслар ҳәм 2023-жылға прогноз көрсеткишлерин тастыйықлаў ҳаққында.
– «Сақаўат ҳәм көмек» жамғармасы қаржылары есабынан жәрдемге мүтәж шаңарақларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде қаржы ажыратыў ҳаққында.
– Аўыл хожалығына мѳлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, аймақларды қәнийгелестириў, резервтеги бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары яки дийхан хожалықларын шѳлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў ҳаққында.
– Кегейли районының дүзилгенлигиниң 95 жыллығын нышанлаўға таярлық көриў ҳәм оны жоқары дәрежеде өткериў илажлары ҳаққында.
– Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының
2023-жыл 9-февральдағы 564-Б-санлы бийлиги ҳаққында.
– Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң айырым депутатларының депутатлық ўәкиллигин мүддетинен бурын тоқтатыў ҳаққында.
Күн тәртибинде кɵрип шығылған барлық мәселелер бойынша пикир-усыныслар тыңланып, тийисли шешимлер қабыл етилди.
Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети