ТУРАҚЛЫ КОМИССИЯ МӘЖИЛИСИ БОЛЫП ӨТТИ

01.02.2023 12:29:51 315 Баспаға шығарыў

Белгиленген ис-реже тийкарында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджет, экономикалық реформаларды әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясының мәжилиси болып өтти.

Мәжилис күн тәртибинде:

– Кегейли районында 2022-жылда хызметлер тараўын раўажландырыў бағдарламасының орынланыўы бойынша әмелге асырылған жумыслардың барысы ҳаққында.

– Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 2022-жыл                            30-декабрьдеги “Кегейли районы жергиликли бюджетиниң 2023-жылғы параметрлерин тастыйықлаў ҳаққында”ғы VI-64-196-13-184-K/22-санлы шешимине өзгерислер ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында.

Мәжилис күн тәртибиндеги мәселелер ҳәр тәреплеме талқыланып Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊесиниӊ гезектеги сессиясына усыныў ҳаққында шешим қабыл етилди.

01.02.2023 12:29:51 316