1992-жыл 8-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Кенгашиниң XI сессиясында тарийхый әҳмийетке ийе болған тийкарғы Нызамымыз – Өзбекстан Республикасының Конституциясы қабыл етилди.
Конституциямыз бүгинги күнде елимизде ғәрезсиз, суверен демократиялық мәмлекет қурыў, көп тармақлы базар экономикасына тийкарланған жеке мүлк үстинлигин беккемлеў ҳәм оның қорғалыўын кепиллеў, сондай-ақ, инсан мәплери, ҳуқықлары менен еркинликлери жоқары қәдирият есапланған пуқаралық жәмийетин қәлиплестириўдиң тийкарғы, ҳуқықый ҳәм нызамшылық фундаментине айланды.
Конституциямыздың ҳәр тәреплеме жетиклиги, тийкарынан онда суд ҳәкимиятының еркинлиги ҳәм әдил судлаўды әмелге асырыў арқалы пуқаралардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў кепилленгенлиги, усы тараўда реформалардың раўажланыўында әҳмийетли фактор болып хызмет етпекте. Себеби, тийкарғы Нызамымыздың 106-статьясында, суд ҳәкимияты нызам шығарыўшы ҳәм атқарыўшы ҳәкимиятлардан, сиясий партиялардан, басқа жәмийетлик бирлеспелерден бийғәрез ҳалда ис жүргизиўи белгилеп қойылған. Бул, әмелде әдил судлаўды қалыс, жоқары дәрежеде әмелге асырыў имканиятын бермекте.
Конституциямыздың 112-статьясында болса, «Судьялар бийғәрез, тек ғана нызамға бойсынады. Судьялардың әдил судлаўды әмелге асырыў процесиндеги жумысларына бирде-бир тәризде араласыўға жол қойылмайды ҳәм бундай араласыў нызамға муўапық жуўапкершиликке себеп болады» деп белгиленген.
Конституциямызда, ең баслысы ҳәр бир шахсқа өз ҳуқықлары менен еркинликлерин суд арқалы қорғаў, барлық мәмлекетлик уйымлар, жәмийетлик бирлеспелер, кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер ҳәм лаўазымлы шахслардың нызамсыз ҳәрекетлери үстинен судқа шағым етиў ҳуқықын кепиллеўге үлкен итибар қаратылды. Усы мақсетте суд ислерин жүргизиўдиң процессуал тәртибин әпиўайыластырыў, жынайый жазаларды либералластырыў, әдил судлаўдың имканиятларын кеңейтиў, миллий нызамшылығымызды дүнья стандартлары, халықаралық нормаларға муўапықластырыў ушын бир қанша ислер әмелге асырылмақта.
Өзбекстан Республикасы Конституциясына киргизилген өзгерислер ҳәм Өзбекстан Республикасының 2021-жыл 28-июльдеги ЎРҚ-703-санлы Нызамына тийкар, Өзбекстан Республикасының «Судлар ҳаққында»ғы Нызамы жаңадан қабылланып, оған тийкарланып Өзбекстан Республикасында Өзбекстан Республикасы Конституциялық суды, Өзбекстан Республикасы Жоқары суды, Әскерий судлар, Қарақалпақстан Республикасы суды, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы судлары, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимшилик судлары, пуқаралық ислери бойынша районлараралық, район (қала)лық судлары, жынаят ислери бойынша район (қала)лық судлары, районлараралық, район (қала)лық экономикалық судлары ҳәм районлараралық ҳәкимшилик судлары жумыс алып баратуғын болды.
Жуўмақлап айтқанда, суд-ҳуқық системасында конституциялық талаплар тийкарында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжесинде пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары, еркинликлери, нызамлы мәплери судта исенимли қорғалыўы тәмийинленбекте. Яғный, тийкарғы Нызамымыз болған Конституциямызда усы муқаддес Ўатанымызда жасап атырған ҳәр бир инсанның мүнәсип турмыс кешириўи, олардың арзыў-әрманларын жүзеге шығарыў, инсаныйлық принциплерине тийкарланған демократиялық жәмийетти қурыўдай уллы мақсетлер өзиниң толық көринисин тапқан.
Нөкис районлар аралық
ҳәкимшилик суды кеӊсе менгериўшиси С.Караматдинова