Бүгин Кегейли районы Жүзимбағ аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы Тентек арна аўылында жасаўшы хожалықларды таза, фильтрленген ишимлик суўы менен тәмийинлеў ушын арнаўлы қәўендерлик жойбары тийкарында қурылған суўды душшыландырыўшы имарат пайдаланыўға тапсырылды.
Илажға район ҳәкими Д.Утемуратов, тийисли тараў басшылары ҳәм аймақ турғынлары қатнасты.
Илаж даўамында, район басшылары тәрепинен имарат әтирапына жақсы нийетлер менен мийўели терек нәллери отырғызылды.
Мағлыўмат ушын, жойбардың улыўма баҳасы 45 млн сўм болып, саатына 250 литр суўды душшыландырыў мүмкиншилигине ийе.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети