ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ ГЕЗЕКТЕГИ ЕЛИЎ ТОҒЫЗЫНШЫ СЕССИЯСЫ БОЛЫП ƟТТИ

05.11.2022 16:56:15 252 Баспаға шығарыў

Сессияға секторлар басшылары, мәкеме, кәрхана, пуқаралар жыйынлары  баслықлары  ҳәм Халық депутатлар Кегейли районлық Кеӊеси депутатлары қатнасты.

Сессияны Халық депутатлары Кегейли районлық Кеӊесиниӊ баслығы Д.Утемуратов алып барды.

Сессияның күн тәртибинде төмендеги мәселелер қарап шығылды.

  1. Кегейли районы аймағында “Жасыл мәкан” улыўмамиллий жойбарын әмелге асырыў бойынша алып барылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында.
  2. Кегейли районлық ишки ислер бөлиминиң жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў нәтийжелери, аймақта жүз берген аўыр ҳәм оғада аўыр түрдеги жынайый жағдайлар туўралы мәлимлемеси ҳаққында.
  3. Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022-жыл
    23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша 2022 жыл
    25-февраль күни өткерилген 16-санлы мәжилис баянламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысы ҳаққында.
  4. «Сақаўат ҳәм көмек» жамғармасы қаржылары есабынан жәрдемге мүтәж шаңарақларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде қаржы ажыратыў ҳаққында.
  5. Аўыл хожалығына мѳлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, аймақларды қәнийгелестириў, резервтеги бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханалары яки дийхан хожалықларын шѳлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў ҳаққында.
05.11.2022 16:56:15 253