Кегейли районы бойынша 2694 жеке хожалық суйылтырылған газ бенен тәмийнленип келмекте.
Район бойынша суйылтырылган газ бенен тәмийнленген хожалықларда 5229 дана айланба газ баллонлары филиал тәрепинен хожалықлар айланба усылында пайдаланыў ушын ижараға баллонлар берилген.
Жыл басынан районның жеке хожалықларына 198,04 тонна суйылтырылған газ жеткерип бериў режелестирилген болса, әмелде 216,36 тонна (109%) суйылтырылған газ жеткерип берилген болып, район халқына суйылтырылған газ тәмийнаты район ҳәкими тәрепинен тастыйықланған кесте тийкарында арнаўли Исузу автотранспортында жеткерилип берилмекте.
Суйылтырылған газден пайдаланыўшы жеке хожалықларды автоматластырылған онлайн система Е-газ дәстүри енгизилип, жеткизип берилген суйылтырылған газ баллонлар есап санақ ислери усы системада алып барылып, бугинги күнде суйылтырылған газ жеткизип бериўин толығы менен автомат системаға өткерилген.