Бүгин райондағы пайызлы орынлардың биринде Өзбекстан көзи әззилер жәмийетиниң 90 жыллығы ҳәмде Өзбекстан көзи әззилер жәмийети Қарақалпақстан бөлиминиң 85 жыллық байрамына арнап “Қәлбим қуяшы” атамасында салтанатлы байрам кешеси өткерилди.
Илажда район ҳәкими Д.Утемуратов сɵзге шығып, жыйналғанларды бүгинги байрам менен қутлықлады.
Жәмийетимизде ҳәр бир инсан тең ҳуқықлы екенлигин, ғәрезсиз мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған барлық илажлардың баслы мазмуны инсанды қәдирлеў ҳәм ҳүрмет-иззет кɵрсетиўге қаратылғанлығын айрықша атап ɵтип, жыйналғанларға байрам саўғаларын тапсырды.
Буннан сɵз сɵзге шыққанлар, ɵзлерине кɵрсетилип атырған сый-ҳүрмет ушын район ҳәкимлигине ɵз миннетдаршылығын билдирип, елимиздиң тынышлығы, халкымыздың абаданлығы ушын жақсы тилеклерин билдирип, ақ пәтияға қол жайды.
Байрам илажы район кɵркем-ɵнер шеберлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам еттирилди.
Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети