Ҳүкимет қарары (106-сан,09.03.2022-ж.) менен “Автомобил тарийхы” мағлыўматларын усыныў бойынша мәмлекетлик хызметин көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламенти тастыйықланды.
Қарарға көре, 2022-жыл 1-майдан:
“Автомобил тарийхы” мағлыўматларын шәртнамалық тийкарда Мәмлекетлик хызметлер орайлары, бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (мy.gov.uz) ямаса веб-сайтлар ҳәм олардың қосымшалары арқалы анықлаў бойынша мәмлекетлик хызмети жолға қойылды;
Автотранспорты техникалық көриктен өткериў процессинде автотранспорттың басып өткен жолы ҳаққындағы мағлыўматлар, соның ишинде техникалық көриктен өткериўши исбилерменлер тәрепиненде мәжбүрий тәртипте мәлимлеме системасына киргизиледи.
“Автомобил тарийхы” мағлыўматлары төмендегилерди өз ишине алады:
– автотранспорттың агрегат мағлыўматлары;
– басып өткен аралығы;
– шәртнама дүзилгенлигине байланыслы мағлыўматлар (исеним хат, ижара, саўға);
– жол-транспорт ҳәдийсеси исленгенлиги;
– қағыйдалар ҳалаты;
– гиреўге қойылғанлық ҳалаты;
– қадаған бар ямаса жоқ екенлиги;
– бажыхана рәсмийлестириўине байланыслы мағлыўмат;
– лицензия алынғанлығы ҳалаты (жолаўшытасыў ушын).
Мәмлекетлик хызметтен пайдаланыў ушын сораўнама толтырылады (Мәмлекетлик хызметлер орайлары, Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы, веб-сайт ямаса қосымша арқалы).
Мәмлекетлик хызмет ушын БЕМның 10 проценти (27 мың сум) муғдарында жыйым өндириледи.
Мағлыўматлар реал ўақыт режиминде таярланады ҳәм арза бериўшиге усынылады.
Мағлыўматнама шахсқа байланыслы мағлыўматлар әшкар етилмеген ҳалда бериледи (автотранспорт мүлкдары тәрепинен өз “Автомобил тарийхы”н билиў ушын жиберилген сораўнамалар буннан тысқары).
Мағлыўматна мамәлимлеме характерине ийе ҳүжжет есапланады.
Арза бериўшилер Өзбекстанда дизимнен өткен қәлеген автомобил ҳаққында мағлыўмат алыўы мүмкин.
Кегейли районы Мәмлекетлик
хызметлер орайы директоры А.Дауекеев