Ҳәкимшилик судқа пуқаралар ҳәм юридик шахслардыӊ бузылған яки тартысып атырған ҳуқықлары, еркинликлери нызамлы мәплерин қорғаў ҳаққындағы, ҳәкимшилик ҳәм басқа ғалабалық ҳуқықый мүнәсебетлерден келип шығатуғын ислер тийисли, буған Ўзбекстан Республикасы Конституциялық судына, пуқаралық ислер бойынша судларына, экономикалық судларына ҳәм әскерий судларга тийисли ислер кирмейди.
Нызам менен ҳәкимшилик судқа тийисли ислер қатарына басқа ислер ҳәм киритилиўи мүмкин.
Егер Өзбекстан Республикасы ҳалық ара шәртнамаларда басқаша қайда нәзерде тутылмаған болса, ҳәкимшиликлик суд өзине тийисли ислерди пуқаралар, юридик шахслар ҳәм ҳәкимшилик органлар, сондай-ақ өз хызметин Өзбекстан Республикаси аймағында әмелге асырып атырған шет ел юридик шахслары, халық ара шөлкемлер, шет ел пуқаралары, пуқаралығы болмаған шахслар қатнасында көриледи.
Өз ара байланыслы болып, айрымлары ҳәкимшилик судқа, басқалары болса пуқаралық ислери бойынша судға тийисли болған бир неше талаплар бирлестирилген жағдайда, барлық талаплар пуқаралық ислери бойынша суддында көрилиўи лазым .
Нөкис районлар аралық
ҳәкимшилик суды кеӊесе менгериўшиси С.Караматдинова